https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Өзбекстандағы Британия Кеңесиниң ўәкиллери ҚМУда | | Karakalpak state university

Өзбекстандағы Британия Кеңесиниң ўәкиллери ҚМУда

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстандағы Британия Кеңесиниң ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Дәслеп мийманлар ҚМУ ректоры А.Реймовтың қабыллаўында болып, өз ара бирге ислесиўди еле де раўажландырыў бойынша келисип алынды.

Ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәмлекетимизде жоқарғы билимлендириў системасын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде дүньяның раўажланған мәмлекетлериниң 48 жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм 6 сырт ел билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесип келмекте.

Олардың бири Уллы Британияның Өзбекстандағы Кеңеси есапланып, бул шөлкем мәмлекетимизде 1996-жылдан баслап жумыс алып бармақта. Бүгинги күни дүньяның 100 ден аслам мәмлекетлеринде өзлериниң ўәкилханаларына ийе есапланады.  

Илажда Өзбекстандағы Британия Кеңесиниң директоры Рейчел Айланд, директор орынбасары Дж.Гулямова, Кеңестиң маркетинг бойынша менеджери У.Нуржанова, Әжинияз атындағы НМПИ ректоры Б.Утемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илажға қатнасқан барлық жоқары оқыў орынларының инглис тили пәни оқытыўшыларына Кеңес ҳаққында кең түрде түсиниклер берип өтти.

Солардың қатарында Қарақалпақ мәмлекетлик университети де Британия Кеңеси тәрепинен Өзбекстан ҳәм Уллы Британия қатнасықларын беккемлеў, инглис тилин үйретиў, оқытыўшы кадрлардың билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда белсене қатнасып келмекте.

Буған мысал етип, ҳәр жылы шөлкем тәрепинен өткерилетуғын «BIG IDEA CHALLENGE» («БИГ АЙДИЯ ЧЕЛЛЕНДЖ») таңлаўына университетимиздиң зийрек студент жаслары қатнасып, киши исбилерменликти раўажландырыў, ҳәр қыйлы дөретиўшилик идеяларын әмелге асырыў бойынша Британиялы тәжирийбели қәнигелердиң мастер-классларынан тәжирийбе арттырып келмекте.

Сондай-ақ, Британия Кеңеси басламасы менен университетимизде филология ҳәм филологиялық емес факультетлердиң профессор-оқытыўшылары ушын «Кәсиплик раўажланыў орайы» шөлкемлестирилип, ол университет оқытыўшыларының инглис тилиндеги билимлерин беккемлеўде өз нәтийжесин берип келмекте. Бул орай Британия Кеңеси тәрепинен зәрүр оқыў ҳәм методикалық қураллар, 96 атамадағы оқыў әдебиятлары менен тәмийинленген. Орайда ҳәзирги күнде университет профессор-оқытыўшыларының шет еллерде тәжирийбе арттырыў ҳәм стажировка өтеўи ушын олардың инглис тилиндеги билимлерин беккемлеўде арнаўлы курслар шөлкемлестирилмекте.

Әлбетте, бундай ушырасыўлар Британияның Өзбекстандағы Кеңеси ҳәм университет ортасындағы өз ара бирге ислесиўди және де раўажландырыўда жаңа басқышқа алып шығыўына исенемиз.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер