https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
#Муғаллимлер_ҳәм_устазлар_күни ҚМУда байрам тамашалары | | Karakalpak state university

#Муғаллимлер_ҳәм_устазлар_күни ҚМУда байрам тамашалары

 Дүньядағы ең уллы,  абырайлы ҳәм мақтанышлы кәсип ийеси болған Муғаллимлер ҳәм устазлардың улыўмахалықлық  байрамы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де салтанатлы жағдайда болып өтти. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев өзиниң байрам қутлықлаўында: «Исенимимиз кәмил, халқымыз зыялыларының ең алдыңғы ўәкиллери болған Сиз, ҳүрметли муғаллим ҳәм устазлар мәмлекетимизде жәмийетлик-мәнаўий орталықты жақсылаў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин тәмийинлеў, жәмийетимизде тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў бойынша алып барып атырған ислериңизди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, турмыста өзин ақлаған мектеп – шаңарақ ҳәм мәҳәлле бирлигине тийкарланған жәмийетлик система нәтийжелигин арттырыўда белсене қатнасып, бәршеге өрнек ҳәм үлги боласызлар!»-деп атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, устазлардың жасларымыздың қәлбине ҳәм сана-сезимине ана – Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық туйғыларын сиңдириў, оларды түрли унамсыз иллетлерден сақлаў, кәмил инсан етип тәрбиялаў жолындағы пидәйы хызметлерин бәрше ата-аналар, кең жәмийетшилигимиз, пүткил халқымыз жүдә жақсы биледи ҳәм айрықша қәдирлейди.

Салтанатлы байрам кешесинде университет ректоры А.Реймов, Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешов, Қарақалпақстан Республикасы Нураный қорының баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов, университет Нураный кеңесиниң баслығы Б.Абдикамалов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, улыўмахалықлық байрам менен бәршени қутлықлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен байрам мүнәсибети менен университеттиң бир топар професор-оқытыўшыларына «Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағзасы» көкирек нышанлары тапсырылды. Сондай-ақ, университет тәрепинен ветеран-устазларға, же мисли мийне етип киятырған професор-оқытыўшыларға «Ҳүрмет жарлық», ақшалай сыйлық ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Кешеде атап өтилгениндей, быйылғы жаңа оқыў жылын университет жәмәәти үлкен табыслар менен басланбақта. Студент-жаслар арасынан 1 Өзбекстан Республикасы Президенти, 1 Наўайы, 1 Улуғбек, 2 Беруний, 1 Ислам Каримов мәмлекетлик стипендиялары, сондай-ақ, 8 студент Бердақ атындағы стипендия жеңимпазлары болды.

Және, усы жылдың 14-22-сентябрь күнлери аралығында Қазақстанның Нур-Султан қаласында спорт гүреси бойынша гезектеги жәҳән чемпионатында дене мәденияты факультетиниң 4-курс студенти Жалғасбай Бердимуратов 77 килограммға шекемги салмақ категориясында қола медалын ийелеп, 2020-жылы Токио қаласында болып өтетуғын жазғы олимпиада ойынларына жолламаны қолға киргизиўи – бул университет жәмәәтин үлкен қуўанышқа бөледи.

Өзиниң – көзиниң нурын, қәлбин, қалаберсе, пүткил барлығын бағышлап, бәршеге жақсылықтан сабақ берген, «Атаңдай-уллы, анаңдай-меҳрибан» әзиз устазлардың, ҳеш нәрсе менен теңеп, салыстырып болмайтуғын машақатлы ҳәм шарапатлы мийнетлерин халқымыз ҳеш қашан умытпайды.

Илаж соңында ветеран-устазларға дәстурхан тартылып, оларға университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамблиниң таярлаған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер