https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Туўылған журт шайдасы | | Karakalpak state university

Туўылған журт шайдасы

Өзиниң терең ишки сезимлерге қурылған, инсанларды гөззаллыққа, әдеп-икрамлыққа шақырыўшы, уллы ислерге баслаўшы, адамларда жақсылық, ҳадаллық, азаматлық сезимлерин оятыўшы әжайып поэзиясы менен қарақалпақ әдебиятын байытып киятырған талант ийеси Гүлистан Дәўлетова быйыл 60 жасқа толмақта.

Усы мүнәсибет пенен, усы жылдың 14-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында «Туўылған журт шайдасы» атамасында әдебий кешеге болып өтти.

Кешени университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Кешеде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қорының баслығы Ш.Уснатдинов, шайыр Б.Генжемуратов, филология илимлериниң кандидаты, доцент П.Алламбергенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шайыр дөретиўшилиги, оның қарақалпақ әдебиятында тутқан орны ҳаққында баҳалы пикирлер билдирип өтти.

Г.Дәўлетова республикалық газета-журналларда өзиниң қосықлары, публицистикалық мақалалары, бир қатар илимий хәм көркем очерклери менен қатнасып келмекте. Оның “Әжинияз поэзиясында дәстүр хәм жаңашыллық”, “Әжинияз поэзиясында руўхый дереклер”, “Руўхыйлық – әдебият өлшеми” (1998-жыл), “Инсан тәрбиясы балалықтан басланады” (1999-жыл) сыяқлы илимий китаплары, “Сениң дәртиң менен жасайман, ҳаял!” (2001-жыл), “Қыз тахтым” (2009-жыл), “Гүзги толғаныслар” (2012-жыл) қосықлар топламлары жарық көрди. 2007-жылы болса оның “Аёл ишқи” китабы Ташкент қаласында өзбек тилинде баспадан шығарылды.

 Сондай-ақ, шайыраның “Гүзги толғаныслар” қосықлар топламы Өзбекстанда жылдың “Ең жақсы қосық топламы” конкурсында сыйлы 3-орынды алыўға мияссар болды. Қосықлары шет тиллерге аўдарылып, китапша етип шығарылмақта. Және, “Өзбекстан – Ўатаным  мениң” таңлаўында қосықлары сыйлы биринши, екинши орынларды ийелеп келмекте.

Өзбекстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы Гулистан  Дәўлетованың илимий хәм көркем дөретиўшилик жумыслары ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2019-жыл “Дослық” ордени менен сыйлықланған.

Әдебий кеше республикамыздың белгили көркем өнер шеберлериниң, университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер