Бирге ислесиў ҳәм тәжрийбе алмасыў | | Karakalpak state university

Бирге ислесиў ҳәм тәжрийбе алмасыў

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм де Қазақстан Республикасының аль-Фарабий атындағы Қазақстан Миллий университети менен бирге ислесиў бағдарында қазақстанлы алым Қазақстан Миллий университети мәмлекет ҳәм ҳуқық теориясы ҳәм тарийхы, конституциялық ҳуқықы ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықы кафедрасының профессоры, юридика илимлериниң докторы Алуа Ибраева усы жылдын 2-6 декабрь күнлери аралығында Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультети студентлерине шеберлик сабақлар, «Мәмлекет ҳәм ҳуқық тәлийматы», «Ҳәкимшилик процедуралар» пәнлеринен лекция сабақларын өтти.

Мағлыўмат ушын, Қазақстан Республикасының аль-Фарабий атындағы Қазақстан Миллий университети Уллы Британияның (QS) халықаралық рейтинг агентлигиниң изертлеўлери нәтийжесинде дүнья жүзиниң ең жақсы 800 университети арасында 206 орынды ийелейди.

3-декабрь күни факультеттиң 6 студенти аль-Фарабий атындағы Қазақстан Миллий университети тәрепинен өткерилген «Коррупцияға қарсы гүресиўдин ҳуқықый негизи» атамасындағы олимпиадаға онлайн тәризде қатнасты ҳәм 17 вузлар арасында биринши басқышында 1, 2, 3 орынларды ийеледи.

Ю.Абдреймов,

Юридика факультетиниң жаслар менен

ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер