Салық кодексиндеги өзгерислер кең түрде түсиндирилди | | Karakalpak state university

Салық кодексиндеги өзгерислер кең түрде түсиндирилди

Жақында Экономика факультетинде факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары ушын Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы хызметкерлериниң қатнасыўында семинар болып өтти.

Семинарға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары Ф.Умаров, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслықлары, факультет профессор-оқытыўшылары ҳам студентлер қатнасты.

2019-жыл 30-декабрь күни жаңа редакцияда Салық кодексиниң қабыл етилиўи салық системасында түптен өзгерислерди баслап берди ҳәм бул өзгерислер усы жылдың басынын баслап әмелиятқа енгизилмекте. Барлық елимиз бойлап салық тараўлары хызметкерлери тәрепинен барлық салық төлеўшилерине, әсиресе, исбилерменлик субъектлерине ҳам олардың есапшыларына жаңа редакциядағы Салық кодексиниң мазмунын кең түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Семинар даўамында Мәмлекетлик салық комитети баслығы орынбасары тәрепинен факультет студент-жаслары ҳәм профессор-оқытыўшыларына салық системасындағы жаңалықлар, өзгерислер, салық салыў тәртиплери, салық түрлери, есабат формалары, тексериў түрлери ҳаққында мағлыўмат берди.

Семинар қызғын көтериңки руўхта өтти. Студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли тараў қәнигелери тәрепинен жуўаплар алды.

Қ.Нурманов,

Экономика факультетиниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер