https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
#Бес_баслама_бес_имканият  ҚМУ профессор-оқытыўшылары қатнасыўында спорт илажлары болып өтти | | Karakalpak state university

#Бес_баслама_бес_имканият  ҚМУ профессор-оқытыўшылары қатнасыўында спорт илажлары болып өтти

Президентимиздиң жаслардың мәнаўиятын жоқарылатыў, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша илгери сүрген 5 әҳмийетли басламасының екинши басламасы – физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорт тараўында қәбилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратыўға бағдарланған.

Спорт – саламатлық гиреўи. Спорт пенен турақлы шуғылланған инсан бәрқулла тетик, ҳәр исте көпке өрнек болатуғын, денсаўлығы беккем болады.

Усы қағыйданы жақсы түсинген Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  профессор-оқытыўшылары тәрепинен пайтахтымызда жайласқан 19-23-34-41-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде ҳәм 8-санлы «Тынышлық», 13-санлы «Қоскөл» макан пухаралар жыйынларында шеберлик сабақлары ҳәм  мәкан пухаралары жыйыны турғынлары менен ушырасып, жарыс өткериў мәселелери ҳаққында сәўбетлести.

ҚМУ Баспасөз хызмети.  

 

Пайдалы дереклер