ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ҲӘРЕКЕТТЕ   | | Karakalpak state university

ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ҲӘРЕКЕТТЕ  

Усы жылдыӊ 12-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мамлекетлик  университети ректоры профессор А.Реймов, Биология факультети деканы Я.Аметов ҳәм Дәрилик ѳсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы профессор-окытыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы Халықаралык инновация орайында болды.

Буннан тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 10-апрелде қабыл етилген «Жабайы ҳалда ѳсиўши дәрилик ѳсимликлерди қорғаў, мәдений ҳалда жетистириў, қайта ислеў ҳәм бар ресурслардан ақылана пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4670 санлы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў болып табылады.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2019-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы Халықаралық инновация орайы менен меморандум дүзген ҳәм усы меморандум тийкарында дәрилик өсимликлер бойынша илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, 5411100-Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы таълим бағдарының студентлери илимий басшылары менен 2019-жылдың май айынан баслап оқыў-дала әмелиятларын усы орайда өткерип келмекте. Олар жергиликли ҳәм интродукцияланған дәрилик өсимликлердиң (боян, амарант, арпабадиян, катарантус, ѳткир жапырақлы сано, дәрилик алтей, ромашка, лимон от, топинамбур, растаропша ҳ.т.б.)  туқымларын егип, фенологиялық бақлаў жумысларын алып барды. Алынған мағлыўматлар тийкарында 1 оқыў қолланба, шет ел ҳәм жергиликли журналларда 3 мақала, халықаралық ҳәм республикалық конференцияларда 19 тезис баспадан шықты.

Ушырасыў ўақтында Өзбекстан Республикасы Президенти  жанындағы  Аралбойы Халықаралық инновация орайы менен усы жылда Қарақалпақ мәмлекетлик университети жас алымлары, стажёр-изертлеўшилери, магистрантлары ҳәм талабаларының жергиликли ҳәм интродукцияланған дәрилик өсимликлердиң коллекциясын жаратыў бойынша илимий-изертлеў жумысларын бирге алып барыў бойынша келисип алынды.

А.Сайтова,

ҚМУ Дәрилик ѳсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы

кафедрасы баслығы, б.и.к., доцент.

Пайдалы дереклер