https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Магистрлик диссертациялардыӊ жақлаў алды жумыслары басланды | | Karakalpak state university

Магистрлик диссертациялардыӊ жақлаў алды жумыслары басланды

Жоқары оқыў орынларында магистрантларға билим бериўдиң тийкарғы мақсети тәжрийбели илимий-педагогикалық кадрларды таярлаўдан ибарат. Себеби, магистр терең билимге ийе, заманагөй информация технологияларын толық меңгерген ҳәм илимий-педагогикалық искерлик алып барыўға таяр болған қәниге есапланады.

Усы жылдың 15-май күни 2019-2020-оқыў жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бѳлимин питкериўши магистрантлардың магистрлик диссертация жумысының дәслепки жақлаўы басланды.

Дәслепки жақлаў жумысы карантин қағыйдаларына толық бойсынған ҳалда, онлайн түрде әмелге асырылды. Яғный, Zoom технологияси арқалы видеоконференц байланыс формасында алып барылды.

Атап айтқанда, «Лингвистика:қарақалпақ тили», «Қарақалпақ әдебияты», «Журналистика» ҳәм «Лингвистика:инглис тили» қәнигеликлери питкериўшилериниң магистрлик диссертация жумысының жақлаўы болып ѳтти.

Онда профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий басшылар аралықтан қатнасып, магистрантлардың диссертация жумысларына ѳз пикир-усынысларын билдирди.

Соны айрықша атап өтиў орынлы, быйыл Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин 23 қәнигелик бойынша 123 магистр (33 магистртант мамәмлекетлик грант, 90 магистртант шәртнама тийкарында) пиктерип шығады.

ҚМУ магистрантларының диссертация жумысларын жақлаўлары еле даўам етеди. Келип көриў имкиниятына ийе қәлеўшилер қатнасыўы мүмкин.

А.Оразымбетова,

Журналистика қәнигелигиниң магистранты.

Пайдалы дереклер