https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
«ГЛОБАЛЛАСЫЎ ПРОЦЕСИНДЕ ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫНЫҢ РОЛИ» | | Karakalpak state university

«ГЛОБАЛЛАСЫЎ ПРОЦЕСИНДЕ ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫНЫҢ РОЛИ»

Бүгинги күнде жәҳән информация майданы күн сайын кеңейип баратырған глобалласыў дәўиринде дүнья журналистикасының алдына үлкен жуўапкерли ўазыйпалар қойылмақта. Дүньялық көлемдеги глобал машқалалардың дурыс шешим табыўы ушын журналистлеримиздиң белсендилиги, әдалатлык жолындағы күш-ғайраты талап етиледи. Усы көз қарастан миллий журналистикамыздың халықаралық медиа мәканында өзиниң мүнәсип ҳәм беккем орнын ийелеўи бүгинги күнде ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалмақта.

Ҳақыйқатында да, XXI әсир дүнья жүзинде информациялық технологиялар әсири сыпатында тән алынып болынды. Жәмийетте жүзеге келип атырған ўақыя ҳәм машқалаларды оператив ҳәм ықшам жеткерип бериўши хызмет саласы, ғалаба хабар қураллары әлле қашан үлкен социаллық институт сыпатында қәлиплесип үлгерди. Бүгин ҳәр ким дүньяның қайсы мүйешинде жасамасын, болып өткен ўақыя ҳәм ҳәдийселер ҳаққында оператив түрде мағлыўмат алыў мүмкиншилигине ийе. Себеби, дүньялық информациялардың интернет глобал тармағына жайласыўы ҳәм оның бирден бир информация мәканына айланыўы ғалаба хабар қураллары хызметиниң пүткиллей жаңаша бағдарда жумыс алып барыўына тийкар жаратып берди.

Өткен жыллар даўамында, мәмлекетимизде ғалаба хабар қуралларын жетилистириў бағдарындағы кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Елимизде ең дәслеп, ғалаба хабар қуралларын тәмийинлейтуғын, демократиялық талап ҳәм стандартларға жуўап беретуғын беккем нызамшылық базасы жаратылды. Мәмлекетимиздеги ғалаба хабар қуралларының саны жылдан-жылға артып, олардың имканиятлары кеңеймекте. Ғалаба хабар қураллары санының артып барыўы, республикада медиа базарының жедел раўажланыўынан дерек береди. Соның менен бирге, бүгинги күни журналист кадрлардың жаңа әўладын, өз кәсибиниң шебери болған жетик қәнигелерди таярлаў мәселесиде үлкен әҳмийетке ийе.

Усы жылдыӊ 26-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференциясында да усындай мәселелер сөз етилди.

Әнжуманды университет ректоры, профессор А.Реймов ашып берди.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы Г.Аннақлычева, республикамыздағы ғалаба хабар қуралларында хызмет етип атырған тараў қәнигелери, Өзбекстан Миллий университети, Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникация университетинен, Өзбекстан Мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң халықаралық журналистика факультети, Өзбекстан Мәмлекетлик экономика ҳәм дипломатия университети профессор-оқытыўшылары, излениўшилери менен бир қатарда, Россия мәмлекетиниң Казань федераль университетинен, аль-Фарабий атындағы Қазақстан миллий университетинен, Киев мәмлекетлик университетинен, Беларусь мәмлекетлик университетинен,  сондай-ак, Ж.Баласағын атындағы Кырғызстан мәмлекетлик университетинен, Ош мәмлекетлик университетинен журналистика тәлими бойынша қәниге профессор- оқытыўшылар, жас излениўшилер белсене қатнасты.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған баслы реформалардың нәтийжеси, елимиздиң халықаралық майдандағы орны, мәнаўий-ағартыўшылық бағдардағы үгит-нәсият жумыслары, биринши гезекте, ғалаба хабар қураллары хызметинде көринеди.

Әнжуманда келтирилип өтилгениндей, ғалаба хабар қуралларының жәмийеттеги хызметин және де жетилистириў, олардың бийғәрезлигин ҳәм еркинлигин тәмийинлеў мәселелери турмысымызды реформаластырыў ҳәм жаңалаў бағдарында алдымызға қойылған баслы ўазыйпалардың бири есапланады.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер