https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
03.00.06 – Зоология қәнигелиги бойынша Илимий кеӊестиң дәслепки диссертация қорғаў жумыслары болып өтти | | Karakalpak state university

03.00.06 – Зоология қәнигелиги бойынша Илимий кеӊестиң дәслепки диссертация қорғаў жумыслары болып өтти

2020-жыл 19-сентябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши PhD.03/30.12.2019.B.20.04 санлы Илимий Кеңестиң  дәслепки диссертация қорғаў жумыслары болып өтти. 

Мәжилиске Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры проф. А.Реймов ҳәм Илимий кеӊес баслығы проф. М.Жуманов қатнасты. Олар Илимий кеӊес жумысына табыслар тиледи.

Мәжилисте еки мәселе додаланды. 1. Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы үлкен оқытыўшысы Кощанов Даўлетбай Ережеповичтың «Әмиўдәрьяныӊ тѳменги ағымы суў бассейнлериндеги балық шабақларыныӊ азықланыўы» атамасындағы    03.00.06 – Зоология қәнигелигинен биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертация жумысын қорғаўы. 2. Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының III басқыш таяныш докторанты Бегжанов Муратбай Қуралбаевичтың “Ферғана ойпатлығы туўрықанатлы (Insecta: Orthoptera) насекомалары фаунаси ҳәм экологиясы” атамасындағы 03.00.06 – Зоология қәнигелигинен биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертация жумысын қорғаўы.

Илимий кеӊес мәжилиси соңында 03.00.06 – Зоология қәнигелигинен биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған бул диссертация жумыслары ЖАК ныӊ талапларына толық жуўап береди деп қарар қабыл етилди.   

 

 

Аметов Я.И.

ҚМУ Биология факультети деканы,

Илимий кеӊес баслығы орынбасары,

биология илимлери докторы

 

Пайдалы дереклер