ХАЛҚЫМЫЗ БҮГИНИНЕН РАЗЫ,- дейди профессор оқытыӯшылар | | Karakalpak state university

ХАЛҚЫМЫЗ БҮГИНИНЕН РАЗЫ,- дейди профессор оқытыӯшылар

Экономика факультети профессор оқытыўшылары «Жана Өзбекстан-жаңа көз қарас» ураны тийкарында руӯхый-ағартыӯшылық илажларын алып барды. Бүгинги күнде халқымызға, әсиресе жасларға мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмунын, әҳмийетин түсиндириў баслы мақсетимиз болғанлықтан, бул бойынша хәр бир аӯыл пуқаралар жыйынларына барып ушырасыў өткерилмекте.

Усы мақсетте факультеттиң профессор оқытыўшылары Кегейли районында болды. Олардан «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» кафедрасы профессор-оқытыўшылары доц. Қ.Исмайлов ҳәм доц. Б.Мырзановлар аӯыл халкы менен ушырасып, бүгинги күнде халқымызға жаратылып берилип атырған имканиятларға кеңнен тоқтап өтти.

Соңынан орынларда спорт ҳәм мәдений илажлар даўам етти.

+-

Пайдалы дереклер