slot gacor hari ini
Профилактикалық илажлар даўам етпекте | | Karakalpak state university

Профилактикалық илажлар даўам етпекте

 

          Гүз-қыс мәўсиминиң кирип келиўи менен пуқаралардың тәбийий газ ҳәм ысытыў үскенелерине болған талабы артады. Тилекке қарсы, пуқаралар тәрепинен талапқа жуўап бермейтуғын, насаз үскенелерден пайдаланыў ақыбетинде түрли кеўилсиз жағдайлар жүз береди. Халықтың арасында мине усындай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде усы жылдың 29-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм университет жаслар аўқамы белсендилери менен қаламыздың бир қатар аймақлары турғынлары арасында түсиндириў-профилактика жумыслары алып барылды. Пайтахтымыздың 21-22 ҳәм 23-киши районлар, бир қатар МПЖ аймақларында болып, насаз үскенелер, итибарсызлық ақыбетинде келип шығып атырған кеўилсиз жағдайлар ҳәм олардың аўыр ақыбетлери, материаллық ҳәм руўхый жоғалтыўлар турмыслық мысаллар менен пухараларға түсиндирилди. Қолдан жасалған электр қыздырыў әсбапларынан ҳәм насаз электр үскенелеринен пайдаланбаў, арнаўлы үскенелерде жумыс ислегенде яки оңлаў жумысларын алып барғанда қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиў, тез жаныўшы затларды қуяш нурынан сақлаў, кишкене балаларды қараўсыз қалдырмаў, ханада ис газин сезгенде айна ҳәм есиклерди ашып самаллатыў ҳәм бундай жағдайда ҳәр дайым электр шырақларын жақпаў кереклиги айтып өтилди.

          Тараў хызметкерлери пуқаралардың үйлерине кирип, олардың газ ҳәм котёлларын, электр ысытқыш үскенелерин көзден өткерип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Гөззал Жалғасова

Санаат технологиясы факультети студенти.

 

Пайдалы дереклер