https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Регби Федерациясы бас хаткери менен ушырасыӯ | | Karakalpak state university

Регби Федерациясы бас хаткери менен ушырасыӯ

Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  Өзбекстан Республикасы Регби Федерациясы бас хаткери Қ. ДЖалилов  мийманда болды. Дәслеп мийман университет ректоры А.Реймов қабыллаӯында болып,  университетимиз жаслары арасында Регби спорт түрин еле де раӯажландырыӯ бағдарында пикир алысты.

Соң Өзбекстан Республикасы Регби Федерациясы бас хаткери Қ. ДЖалилов университеттиң  мәжилислер залында Дене мәденияты факультети студент жаслары менен ушырасты. Ушырасыӯды университеттиң жаслар менен ислесиӯ бойынша проректоры С.Алаӯатдинов  ашып берди. Ушырасыӯ барысында   Өзбекстан Республикасында Регби спорт түрин раӯажландырыӯ ис–илажлары ҳаққындағы қарарының орынланыӯы ҳәм Регбиди және де раӯажландырыӯ, оны студент жасларымыз арасында үгит-нәсиятлаӯ ҳам ғалабаластырыӯ бағдарында түсиник берип өтти.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Ғ.Байниязов,  Қарақалпақстан Республикасы Регби Федерациясы бас хаткери М.Сарсенбаевлар шығып сөйледи. 

2019-жылдың 29-октябринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасында Регби спорт түрин раӯажландырыӯ ис-илажлары ҳаққындағы Қарары қабылланып, бул спорт түрин раӯажландырыӯда жаңа басқышқа  қәдем болды, деп атап өтти шығып сөйлеӯшилер.

Бул спорт түри ҳаққында қысқаша мағлыӯмат берип өтсек;

Регби (Англияныӊ Регби қаласы атынан алынған)  ̶  спорт ойыны.

Бул ойын 1823-жылы Англияда пайда болған.1888- жылы Регби бойынша  Халықаралық беллесиў өткерилген. Соң Регби Олимпиада ойынлары дәстүрине киргизиледи.

Регби Халықаралық хәўескерлер федерациясы FLRA(1934 ж дүзилген)на 40 тан аслам мәмлекет ағза.1960- жылдан FLRA кубоги (рәсмий емес жәхән чемпионаты) өткериледи.

Солай екен бизиң елимизде де халықаралық көлемде тән алынған спорт түри Регбиди раӯажландырыӯға айрықша итибар берилип атыр. Буның бир көриниси усы спорт түри қәнигелериниң студент жаслар менен ушырасыӯы  Регби спортының келешек раӯажланыӯына тийкар десек  орынлы болады.   

Пайдалы дереклер