https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Факультетимизде «Миллионлар ойыны» болып ѳтти | | Karakalpak state university

Факультетимизде «Миллионлар ойыны» болып ѳтти

Усы жылдың 23-25-декабрь күнлери аралығында факультетимизде спорттың  киши футбол түри бойынша  футбол жарысы болып өтти.  Жарысты өткериўден мақсет  саламат турмыс тәризине әмел етиў, жаслардың саламатлығын беккемлеў, спортқа қызықтырыў.

Жарыс химия-технология факультетиниң ер балалары арасында шөлкемлестирилди. Жарысты  факультетимиздиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ғ.Султанов ашып берип, жарыс қатнасыўшыларына спорт денсаўлық гиреўи екенлигин атап ѳтти. Буннан соң дене мәденияты кафедра баслығы Р.Машарипов сөзге шығып, спорт пенен шуғылланыў инсан өмири ҳәм саламатлығы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин спортышларымыз мысалында  айтып өтти.  

Факультетимиздиң  спорт секторы басшысы шығып, сөйлеп жарыстың тәртип-қағыйдаларын түсиндирип өтти.  Буннан соң қатнасыўшылар  ойын майданына түсти. Жәми бул жарыста 18 команда қатнасып, соннан  5 команда финалға жетип келди. Жарыс үш қүн даўам  етип, қызғын беллесиўлерге бай болды.

Жарыс жуўмағына келип 1-орынды 2-«б» химия-технология қәнийгелиги, 2-орынды 2-«с» химия топары, 3-орынды 1-курс кешки химия топарларының ер жигитлеринен дүзилген командалар жеңип алды ҳәм 3-«б» химия-технология хәм 1-рус химия қәнигелиги топарлары белсенди қатнасқанлығы ушын факультетимиз деканаты тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Химия- технология факультетиниң 2-курс

студенти Куздибаева Нилуфар.

 

Пайдалы дереклер