https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Аралбаев Қайыржан Қайыпберген улы | | Karakalpak state university

Аралбаев Қайыржан Қайыпберген улы

 Қарақалпақ  мәмлекетлик университети  Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы  доценти,  ф. и. к. Қайыржан  Қайыпберген улы  Аралбаев  1946-жылы 24-сентябрьде    Мойнақ районына қараслы  Үшсай   аўылында  туўылды. Мойнақтың шығысында 5-6 шақырым жердеги  «Таллық»  деген  аўыллық  советте  жети жыллық мектепте  оқып, соң   бурынғы  Сталин  совхозындағы   мектепти питкерген.

1964-жылы Ташкент қаласындағы  Низамий  атындағы педагогикалық институтына оқыўға түсти.  Сол институтта еки жыл оқып,  соң Қазақстан Республикасы   Алматы қаласындағы Абай атындағы Қазақ мәмлекетлик  педагогикалық инситутына өзгертип,   оны  қызыл диплом менен  питкерди.  1968-78-жыллары Мойнақ  районына  қараслы  Т.Г.Шевченко атындағы орта мектепте  қазақ  тили ҳәм  әдебияты  пәни оқытыўшысы  болып  мийнет жолын баслады.

1978-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң филология факультети қазақ филологиясы қәнигелиги бойынша ассистент-оқытыўшы болып жумысқа орналасты. 1990-96-жыллары  Нөкис  мәмлекетлик  педагогикалық  институтында  жумыс иследи. 

1992-жылы Алматы қаласында И. Есенберлинниң «Көшпендилер» тарийхый трилогиясы  бойынша кандидатлық жумысын табыслы жақлап  шығады.  

1996-жылдан  бери Қарақалпақ мәмлекетлик университети  доценти болып жумыс иследи.

2005-2008-жыллары  университеттиң  Түркий филологиясы кафедрасының   баслығы лаўазымын атқарды.

Өзиниң илимий творчестволық мийнетлериниң арқасында  Өзбекстан Жазыўшылар аӯқамының ағзасы, Өзбекстан халық билимлендириӯи ағласы көкирек нышаны менен сыйлықланды. Қарақалпақстан  Республикасы  қазақ миллий мәдений орайының басқарма ағзасы ретинде жәмийетлик жумысларға да  қатнасып барды.

 Қ.Аралбаевтың илимий творчестволық мийнетлерине тоқталар болсақ, 1998-жылдан баслап, Т. Қалдыбаев пенен  авторлықта 7-классқа  арналған  оқыўлық хрестоматия;  проф. Қ. Жумажановтың  илимий  педагогикалық  хызмети  ҳаққында «Азамат, Устаз, Алым» атлы мийнети (Ташкент, 2008ж);  «Әдеби дәнекер» мақалалар  жыйнағы (Нөкис,1998ж); «Жыршы  мерейі» (Нөкис, 1999ж); «Бесқала өрнектері»  илимий-изертлеў  мақалалары (Алматы, 2016ж)  жарық  көрди.

Қайыржан  Қайыпберген улы  өмирлик жолдасы  Масаты апа менен бирге  4 қыз, 2 улды   тәрбиялаған әдиўли ата.

Қ. Аралбаевтың   тәрбиясын көрген  шәкиртлери  Республикамызда, Қазақстан Республикасында  белгили  орынларда хызмет  атқарып келмекте. Солардың қатарында  өзи жумыс ислеген кафедраның   оқытыўшылары да  бар.  

Қ.Аралбаев өзиниң  илимий-педагогикалық мийнети жолында терең билими ҳәм тәжирийбеси, шөлкемлестириўшилик уқыбы менен кәсиплеслери ҳәм шәкиртлериниң  арасында үлкен абыройға ийе болды.

Ҳақ кеўил, кишипейил инсан, тәжирийбели устаз,  әдебияттаныўшы алым Аралбаев Қайыржан Қайыпберген улының шаңарағына терең қайғырыў менен  кеўил билдиремиз.

Аралбаев Қайыржан Қайыпберген улының жарқын келбети кәсиплеслери ҳәм шәкиртлериниң ядында узақ сақланады.

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты ҳәм Өзбек филологиясы факультети жәмәәти.

 

 

Пайдалы дереклер