https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Топырақ илимин үйрениўде алымлардың көз-қарасы | | Karakalpak state university

Топырақ илимин үйрениўде алымлардың көз-қарасы

В.В.Докучаев (1846-1903) топырақ пайда етиўши факторлар ҳәм жүз беретуғын процесслер ҳаққындағы тәлиматты жаратты.

В.В.Докучаев бул тәлиматы арқалы топырақ пайда етиўши бес факторды көрсетип берди. Олар төмендегише: таў жыныслары (ана жынс), климат, микроорганизмлер, релеф ҳәм ўақыт. Ҳәзирги заман топырақтаныўшы алымлары буған қосымша етип алтыншы фактор инсан искерлигин көрсетеди.

В.В.Докучаев өзи атап өткен топырақ пайда етиўши факторлар бир – бири менен тығыз байланыслы екенлигин ҳәм бири екиншисиниң орнын баса алмайтуғынлығын дәлиллеп көрсетип берди.

Рус алымы П.А.Костичев топырақтың пайда болыўында биологиялық факторлар яғный өсимликлер дүньясына үлкен итибар берди ҳәм топыраққа төмендегише тәрип берди:

“Топырақ дегенде, өсимликлердиң тамырлары терең кирип баратуғын жер бетиниң үсти қатламын түсиниў керек”.

Ол бул көз-қарасы арқалы топырақ пайда болыўында тири ҳәм өли организмлер ҳәм де өсимликлер дүньясының әҳмийетли екенлигин көрсетип берди.

А.А.Родениң көрсетиўинше, топырақ пайда болыў процесси деп затлар ҳәм энергияның топырақ қатламында өзгериўи ҳәм ҳәрекети сыяқлы ҳәдиселер жыйындысына айтылады.[1]

Бунда топырақтағы тири ҳәм өли организмлер қалдықларының өзгериске ушыраўы ҳәм оннан пайда болған энергияның топланыўы ҳәм тарқалыўы есабынан топырақ пайда болыў процесси жүзеге келеди.

А.Кеўнимжаева,

Биология факультети,

1-курс топырақтаныў магистранты.

 

 

Пайдалы дереклер