https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Швецияның Уппсала университети профессоры Ларш Райден менен онлайн тәриздеги ушырасыў | | Karakalpak state university

Швецияның Уппсала университети профессоры Ларш Райден менен онлайн тәриздеги ушырасыў

       Халықаралық бирге ислесиўди жетилистириў мақсетинде Швецияның Уппсала университети профессоры, «Швеция Арал Жәмийети» баслығы  Ларш Райден менен Қарақалпақ мәмлекетлик университети оқыў ислери проректоры О.Дүйсенбаев, Халықаралық бөлими баслығы Ш.Шаниязов, Қурылыс факультети деканы Т.Узақов, Магистратура бөлими баслығы А.Гулимов, «Инженерлик коммуникациялар қурылысы ҳәм монтажы» кафедрасы баслығы Р.Ешниязов, инглис тили кафедрасы профессор-оқытыўшылары,  «Инженерлик коммуникациялар қурылысы ҳәм монтажы» қәнигелиги 1-басқыш магистрантлары менен биргеликте Zoom программасында онлайн тәриздеги ушырасыў өткерилди.

      Ушырасыў барысында «Турақлы раўажландырыў ҳәм турақлылық илими» пәнин ѳтиў бойынша шет елли алымлар менен ѳз-ара пикир алысты.

«Инженерлик коммуникациялар қурылысы ҳәм монтажы» кәнигелиги бойынша 1-басқыш магистрлерине «Турақлы раўажланыў ҳәм турақлылық илими» пәни бойынша бәҳәрги семестрде 60 саат муғдарындағы сабақ өтиўи мөлшерленген.  Бул бағдарда профессор Ларш Райден тәрепинен пәнди оқытыў бағдарламасы таныстырылды.

         Буннан соң ушырасыў сораў- жуўап көринисинде даўам етип, студентлер өзлериниң қызыққан сораўларына жуўаплар алды. Ушырасыў барысы мазмунлы өткенлиги ушын Швецияның Уппсала университети профессоры, «Швеция Арал Жәмийети» баслығы  Ларш Райденге студентлер өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

«Инженерлик коммуникациялар

қурылысы ҳәм монтажы» кафедрасы баслығы;                      Р.Ешниязов

Пайдалы дереклер