https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
«ЭВЕРЕСТ» –  БИЛИМЛЕР  ШОҚҚЫСЫ | | Karakalpak state university

«ЭВЕРЕСТ» –  БИЛИМЛЕР  ШОҚҚЫСЫ

          Қурылыс факультетинде «Бес  баслама  –  бес  имканият»  бағдарламасы  тийкарында  руўхыйлық  күнин  жоқары  шөлкемлескенлик  пенен  өткериў  мақсетинде  «Пресс»  клуб  басламасы  менен  «ЭВЕРЕСТ» –  БИЛИМЛЕР  ШОҚҚЫСЫ  интеллектуал  ойыны  шөлкемлестирилди.

          Интеллектуал  ойын  «Журтым  жамалы»  фото таңлаўына  жыйналған  фото сүўретлер  ҳәм  «Шебер  қоллар»  мүйешинде  факультет  студент  жаслары  тәрепинен  жаратылған  дөретпелер  көргизбеси  менен  басланды. 

          Интеллектуал  ойын   1-курс  студент  жаслары  арасында  III басқышта  болып  өтти. 

I- басқыш  командалар  арасында,  II- басқыш  жеке  қатнасыўшылар  арасында  сораў-жуўап  тәризинде  өткерилди.    Пәннен  ҳәм  логикалық  дүзилген  сораўлар  қатнасыўшыларда   үлкен  қызығыўшылық  оятты. 

 

Қурылыс  факультети Кураторлар

 Кеңеси баслығы:                                                   М.Ешмуратов

 

Пайдалы дереклер