https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
ӘДИЛ БАСШЫ ҲӘМ ШЕБЕР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎШИ ЕДИ | | Karakalpak state university

ӘДИЛ БАСШЫ ҲӘМ ШЕБЕР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎШИ ЕДИ

(Химия илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Қуўанышбай Өтениязовтың 80 жыллығына)

Устазлардың устазы, ҳүрметли ҳәм қәдирдан ағамыз Қуўанышбай  аға Өтениязов тири болғанында быйыл 80 жасын қарсы алған болар еди. Өз пикиримди уллы устазымыздың көп айта беретуғын сөзи менен басламақшыман, яғный адам еки нәрсеге ҳәмийше таяр болып жасаўы керек: бириншиси қудайтаала берген аманатын қәлеген ўақтында алыўына, екиншиси лаўазымнан қәлеген ўақтында кетиўине. Сол айтқандай тәңиритаала ҳәр бир бендесиниң бул дүньядағы өмириниң шегин мәлим бир мүддет пенен белгилеп қойса керек. Соның ушын айтса керек бендениң айтқаны емес, Аллатааланың айтқаны болады деп.

Ҳәзирети Наўайының «Адамлар бар адамлардың нақшыдур» дегениндей, көп адамда ушыраса бермейтуғын бир әжайып қәсийет ағамызда бар еди, яғный ол еки жүзлилик етип тайсалақламастан, батыл түрде хақыйқатлықты айтыўдан қорықпас еди. Ҳақыйқатында оның исими өзиниң бойына сиңген жоқары инсаныйлық пазыйлетлери арқалы заманласларымыздың қәлбинде зер сабақлар менен кестеленип, мөрленип қалды. Елинде журтшылыққа танылып, абыройға  бөленип, өзи әлемнен өткеннен соң да адамлар арасында қәдир-қымбаты жойтылмайтуғын шахсларды Аллатаала бахытлы инсанлар етип жаратқан болса керек.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети деген ўақытта бириншилерден болып ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыстағы елимиздиң уллы ақсақалы, мийнет қаҳарманы, «Ел-журт ҳурмети» ордениниң ийеси Қәллибек аға Камалов (университеттиң ашылыўының тийкарғы инициаторы ҳәм университеттиң бас бинасының қурылысшы прорабы) оннан кейин   көз алдымыздан көп профессор-оқытыўшылардың келбети ҳәм солар менен байланыслы болған ҳәр қыйлы ўақыялар өтиўи мүмкин. Тәбийий түрде «университет» деген ўақытта солардың ишинде айрықша өз алдына профессор Қуўанышбай аға Өтениязовтың келбети бириншилер қатарында бизлердиң көз алдымызға келеди.

Ол университет тарийхында умытылмас орны бар, биринши ректор, академик Чаржаў Абдиров, кейинги ректорларымыз академик Марат Нурмухамедов ҳәм профессор Камал Мамбетовлардың әмелге асырған жақсы ислерин жоқары дәрежеде даўам еткен ректорлардан болып есапланады.

Қуўанышбай ағаның күшли, кәтқудалығы басым, обал менен саўапты ажырата алатуғын ҳәм жасы үлкенлерге ылайықлы төреликти талап ететуғын дәўирлери ректор болып ислеген ўақытларға туўры келеди. Бул дәўирде ол өзиниң барлық итибарын   мына үш мәселеге қаратты;    яғный 1) университеттиң факультетлери ҳәм кафедраларында оқыў ҳәм тәрбия жумысларының нәтийжелилигин арттырыў; 2) профессор-оқытыўшылар корпусының илимий дәрежесин көтериў, оларға илимий-педагогикалық хызметлерин жетилистириў ушын кең мүмкиншиликлер жаратып бериў; 3) университеттиң барлық структураларының материаллық-техникалық базаларын раўажландырыў ҳәм беккемлеў болды. Ол алдына қойған ўазыйпаларды орынлаў ушын бәрқулла жигерленип иследи.

Сонлықтан Қуўанышбай аға Өтениязов Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң көп жыллық басшысы сыпатында өзин билимге, илимге бағышлап заманымыз бенен бирге қәдем таслаған азаматлардан. Оның талантлы шөлкемлестириўши екенлигиниң дәлийли сыпатында Қарақалпақ мәмлекетлик университетин мысал сыпатында алып қарасақ болады. Республикамыздың жәмийетлик сиясий турмысы ҳәм халқымыз арасында Қуўанышбай Өтениязовтың хызметлериниң тән алыныўы, оның жоқары шөлкемлестириўшилик талантқа ҳәм профессионализмге, кәсиплик шеберликке, университет жәмәәтинде дөретиўшилик атмосферасын жаратыў уқыплылығы ҳәм жоқары жуўапкершилик сезимине ийе екенлигиниң жарқын мысаллары болады. Ал оның илимий дөретпелери өзиниң тереңлиги ҳәм республикамыз социаллық-экономикалық раўажланыўының  әҳмийетли машқалаларын шешиўге әмелий бағдарланғанлығы менен көзге тасланды.

Ол 1957-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тәбияттаныў факультетине оқыўға түсти. Оқыў ағласы болғаны себепли  1960-жылы оқыўын ТашМУ дың химия факультетинде даўамлап, соңынан М. В. Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетине өзгертти.

1965-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында мийнет жолын оқытыўшылықтан баслады. 1967-68-жыллары институт комсомол комитетиниң хаткери, соңынан педагогикалық институттың бирлескен кәсиплик аўқамының Президиумы баслығы болып иследи. Усы жыллары ол жас болса да, институт жәмәәти арасында мәдений, үгит-нәсият жумысларын жүргизиўде көпшиликке бас болды.

Қ. Өтениязов 1968-жылдан  Москва мәмлекетлик университетине аспи-рантураға жиберилди. Аты дүньяға белгили академик Олег Александрович Реутов басшылығында  1973-жылы кандидатлық диссертациясын табыслы қорғады.

Буннан соңғы илимий-педагогикалық, шөлкемлестириў хызметлери дәслеп Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, кейин ала Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен тығыз байланыслы болды. 1977-жылы ол университеттиң химия кафедрасының баслығы , ал 1986-87-жыллары факультет деканы болып ислеген дәўирлерде де айырықша шөлкемлестириўшилик ислери менен көзге түсти. 1988-жылдан баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының ўазыйпасын атқарыўшы, ал 1989-жылдан 2005-жылдың май айының 11-сәнесине шекем усы оқыў дәргайының ректоры лаўазымында табыслы иследи.  2005 жылдан тап өмириниң ақырына шекем яғный 2010-жылдың 8 мартына шекем кафедра баслығы лаўазымында ислеп келди.

         Гәптиң рети келгенде ядымызға түскен бир тарийхый ўақыяны айтып өтпекшимиз, яғный 2005-жылы 11 май күни  бизлер пахта отағында Кегейли районында едик, азанда таң ертеден Қуанышбай аға қоңыраў етти ҳәм тез жетип келиўимиз кереклигин ескертти. Әлбетте, Қуанышбай ағадан  неге деп себебин сорадық. Ол сол ўақытлары өзиниң арза бергенин ҳәм орнына ең жақсы көретуғын шәкиртлериниң бири Азат Таупалдиевич Матчановтың ректор болып сайланатуғынлығын айтты. Ол айтқан ўақытқа жетип келдик. Келсек кабинетинде тек бир өзи отырған екен. Ағамыз бизге сол ўақыттағы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министри Рустам Сабирович Қасымов пенен телефон арқалы сөйлесиўимиз керек екенлигин айтты. Бул жердеги тийкарғы сөйлесиўдеги мақсет илимий кеңестиң барысы хаққында келисип алыў еди.  Илимий  кеңес  саат 10 ларда басланды. Рустам Сабировичтиң өзи Қуанышбай ағаның көп жыллар даўамында университетти минсиз басқарып келгенин, оның жоқары дәрежедеги адамгершилик пазыйлетлерине тоқтап өтти. Соңынан ол жаңа ректорымыздың тайынланғанлығы ҳаққындағы буйрықты оқып еситтирди. Соңынан жайлары жәннете болсын, марҳум академик Абатбай аға Даўлетов, мениң өзим, сол ўақытлардағы тәбияттаныў факультетиниң деканы Гуля Ходжаева ҳәм университетимиздиң нураный устазы Юрий Иванович Кулаковлар шығып сөйледи. Юрий Иванович Кулаковтың айтқанлары елеге шекем ҳеш ядымнан шықпайды, яғный 1988-жылы сентябрь айының басларынан баслап-ақ сол ўақытлары университет мийнет жәмәәтиниң алдында «Университетимизге ким ректор болып сайланыўы мүмкин?» деген сораў көнделең турған еди. Усы сайлаўда университет жәмәәтинен 4 кандидатура дизимге алынып, университеттиң профессор–оқытыўшылар коллективи тәрепинен Қуўанышбай аға 70 пайыздан көбирек даўыс алып сайланған еди. Демек оны халық сайлады ҳәм халықтың тәрезиси ҳеш ўақытта алжаспайды, деген сөзи еле есимизде. Себеби университеттиң ректоры дегенимиз бул миллеттиң атасы. Ал миллеттиң атасы болса келешек жасларды тәрбиялаўдай әдиўли исти әмелге асыратуғын уллы шахс болып табылады.

Қ.Өтениязовқа 1991-жылы профессор атағы берилди.  Ол 1998-жылы  докторлық диссертациясын қорғады. Сондай ақ, ол өзиниң илимий мектебине ийе болған илимпаз яғный оның төрт шәкирти кандидатлық, ал бир шәкирти болса докторлық диссертацияларын өз ўақтында қорғаўға мияссар болды.

 Қ. Өтениязов университет басшысы сыпатында жас илимий-педагогикалық кадрларды жетилистириўге айырықша итибар қаратты. Ол ректор болып ислеген жыллар дәўиринде 40 профессор-оқытыўшы докторлық диссертациясын, бир жүз елиўден аслам адам кандидатлық диссертацияларын табыслы жақлады.

Сол жақлағанлардың ишиндегилерге тийисли болған бир-еки эпизодларды айтып өткенди мақул көрип отырман. 1988- жылы ректорлық лаўазымға сайлаў мапазының қызғын өтип атырған дәўиринде Қуўанышбай аға бир қанша жас илим кандидатларын өзиниң кабинетине ( сол ўақытлары ағамыз университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры еди) шақырып алып айтқан сөзи елеге шекем ядымыздан шықпайды. Ол сол жерде  өзиниң ўақтында илимий жумысларын даўам еттире алмағанлығын ҳәм өзиниң соңғы жыллары тек бир тәреплеме кетип қалғанлығын, “жәмийетлик жумыс.., административлик жумыс”.., деп жүре бергенлигин тийкарғы илимий дөретиўшилигиниң қалып кеткенлигин ҳәм бул мәселе бойынша оған ҳеш кимниң ақыл-нәсият бермегенлигин гүрсинип өкиниш пенен айтып өткен еди. Егерде усыннан несип етип ректор болып кетсем сизлердиң доктор болыўыңызға өзим барлық имканиятларды жаратаман деген еди. Әлбетте, устазымыз бул сөзиниң үстинен шығып та билди.

Және бир тарийхый ўақыя ҳеш есимизден кетпейди, яғный 1993-жылы Өзбекстаннан сыртта  оқып атырған аспирант, докторантларға тез аўылға қайтыў жөнинде арнаўлы ҳүкиметлик телеграмма келди. Бул телеграмма ҳәммемизди әдеўир хаўлықтырып қойды. Соннан сол жақтағы жигит – кызлар менен ойласып Қуўанышбай ағаға телефон арқалы шықтық. Сол ўақыттағы ағамыздың үлкен жуўапкершиликти мойнына алып «ҳеш қайсысыңыз қайтпайсызлар, жумысыңызды даўам еттире бериң, бул жақта сизлерди жумысқа өткерип кояман» деген сөзлери анаў-мынаў басшының қолынан келе бермейтуғынын енди түсинип жетип атырмыз. Буның ушын адамда аттың геллесиндей жүрек болыўы керек деп ойлаймыз.

Қуўанышбай аға өзиниң хызмети дәўиринде көплеген республика басшылары менен бирге ислести. Олардың бәрқулла ҳүрметин орнына қойып билди. Ол елимиздиң мақтанышы болған академиклер С.Камалов, М.Нурмухаммедов, Ч.Абдиров, Ж.Базарбаев, Т.Ещанов, Х.Хамидов, А.Дәўлетов, А.Бахиев ҳәм басқа да алымларды, журтшылыққа белгили болып танылған инсанлардың ҳүрметин бәрқулла жайына қойып билди. Оның ректор болып ислеген дәўиринде университет проректорлары болып ислеген А.Отаров, Б.Абдикамалов, М.Ибрагимов, Ж.Сағындиков, А.Мәтжанов, Қ.Исмайлов, Н.Утеўлиев, Ш.Қудайбергенов, Т.Ситмуратов, Б.Мәтмуратов, Б.Гайпов ҳәм басқада басшы жумыста ислеген жигитлер устаздан жумыстың, басқарыўдың сырларын үйренди ҳәм тәрбия алды. Халқымызда бир жақсы нақыл бар, яғный «ат туяғын тай басар» дегениндей ағамыз ҳүрметли дем алысқа шыққаннан кейин, оның орнына университет ректоры болып профессор Азат Мәтжанов сайланды. Доцентлер Б.Жоллыбеков, М.Бердимуратов, Б.Пренов, Қ.Оразымбетов ҳәм профессор Н.Өтеўлиевлар  университетте ағамыздың тәрбиясын алып басқа жоқары оқыў орынларының басшылары болып жетилисти. Устазымыз бенен узақ жыллар бирге жумыс ислеп шыныққан профессорлар М.Ибрагимов,  Б.Абдикамалов, Қ,Исмайлов, доцентлер Қ.Сейтназаров, П.Реймовлар республика көлеминде жоқары лаўазымларда басшы болып хызмет етти. Ҳәзирги күнде университетимизде ағамыздың тәрбиясын алған сенаторлар Б.Мәтмуратов, У.Жәлменов, сондай-ақ, Р.Реймов Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри болып ислеп атыр. 

Ол 1992-жылы Өзбекстан Республикасының биринши Президенти Ислам Абдуғаниевич Каримов басшылығындағы мәмлекетлик делегациясы қурамында Сауд Арабстанында болды. Сол жылы ҳүкиметлик делегация қурамында Турция Республикасына барды. Тәжирийбе алмасыў, университетте тәлим-тәрбия ислериниң дәрежесин жоқарылатыў мәселелери менен Турция, АҚШ, Израиль, Англия оқыў орынлары менен илимий изертлеў орайларында болып қайтты. Бул университетимиздиң  сырт еллерде танылыўына, халықаралық абыройының өсиўине алып келди.

Қ. Өтениязов 1977-1985-жыллары Нөкис қалалық кеңеси депутаты болып еки рет сайланды. Ал 1990-жылдан 2009-жыллар аралығында ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты сыпатында мәмлекетлик әҳмийетке ийе жәмийетлик ўазыйпаларды атқарып келди. Сонлықтан да Англияның Кембридж қаласында баспадан шыққан »20 әсирдеги 2000 көрнекли илимпазлар» китабында ол ҳаққында толық биографиялық мағлыўматлар келтирилген.

Қ. Өтениязовтың пидәкерлик мийнетлери мәмлекетимиз тәрепинен унамлы баҳаланып 1986-жылы оған »Ҳүрмет белгиси» ордени берилди. Ол 1994-жылы »Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» атағына ийе болды. Соның менен бирге, »Өзбекстан Республикасы Жоқары мектеби пидайысы» нышаны менен сыйлықланды. Ҳәр қыйлы тараўлардағы жемисли мийнетлери ушын 1983-жылы Пүткил Аўқамлық »Билим» жәмийетиниң «Тепериш жумысы ушын» белгисин,  1992-жылы »Мустақиллик» естелик нышанын алыўға миясар болды.

Буннан 20 жыл бурын Ташкент қаласында «Академия» баспасында «Ойларма өзеклес өмирим» атлы оның мемуары 1000 нусқа болып баспадан шықты. Усы китабының ишине маған «Қанатбай! лаўазымның бәлентлиги менен белгиленбейди баҳаң, ал әдил басқарыў уқыбың екенин есиңнен шығарма» деп жазып берген еди. Жыллар өткен сайын бул сөзлердиң қаншелли дурыс екенлигине исеним ҳасыл етип келмектемен. Китапты оқып отырып ағамыздың ректор болып ислеген дәўирлеринде қаншелли қыйыншылықты басынан кеширгенлигин ҳәмде дөҳметли түтинлер арасында қалғанларын оқып, оны тек жаратқанның өзи қоллап қуўатлағанын ҳәм асырап қалғанлығының гуўасы боламыз. Усы жерде сол китабында келтирген төрт қатар қосығын келтирип өтпекшимен.

Япырмай-аў, кессембе екен тилимди?!

Қудай, неге бердиң сонша өнер менен билимди?!

Ҳәсирет пенен қапалықта өткердим мен бир тынбай,

Ойнап-күлип өткеретуғын күнимди…

 Көрип турғаныңыздай усы бир төрт қатар арқалы өзиниң ректорлық дәўириниң қаншелли қыйын кешкенин аңлап жетемиз.

Университет турмысында мәнаўиятты раўажландырыў бойынша Қуўанышбай ағаның жемисли ислегенлери ҳаққында тоқтап өтпекшимиз. Ол университетте өткерилетуғын ҳәр бир илаждың (мероприятияның) таярлығының басы-қасында өзи бас болып, тийкарғы бағдарды белгилеп берип, өзиниң баҳалы пикирлерин айтатуғын еди. Әсиресе ҳәр жылы сол ўақытлары  жоқары көтериңкилекте өтетуғын ата-бабамыздан киятырған мусылман дүньясының жаңа жыл байрамы «НАЎРЫЗ» ды мазмунлы етип өткериўди жолға қойды. Бундай жоқары дәрежеде Наўрыз байрамы Өзбекстанның ҳеш бир жоқары оқыў орнында өтпес еди.

       2011-жылы 16-17 март күнлери университетимизде Қуўанышбай ағаның 70 жыллық юбилейине байланыслы «Актуальные проблемы развития химической науки, технологии и образования в Республике Каракалпакстан» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти. Конференцияға көп жерлерден мийманлар келди. Конференцияны шәкиртлериниң бири университеттиң сол ўақытлардағы 1-проректоры, юридика илимлериниң кандидаты, доцент, ҳәзирги күни сенатор, Батыр Матмуратов ашты ҳәм алып барды. Конференцияда шығып сөйлеўшилер Қуўанышбай ағаның хақыйқый инсан, илимпаз ҳәм узақты көре билетуғын басшы сыпатында ислеген ислерине тоқтап өтти.

       Қ. Өтениязовтың өмирдеги орны да басқаларға өрнек болды.  Ол үлкен отаў ийеси еди, яғный ол  Аккенже жеңге менен бирге он бир перзенттиң әкеси, отыздан аслам ақлықлардың сүйикли атасы еди. Әлбетте ағамыздың узақ жыллыр даўамында ректор болып ислеўинде Аккенже жеңгемиздиң орны гиреўли деп есаплайман. Асыра айтқан емес, жеңгемизди пийрим Бийпатманың хақыйқый әўлады десек арзыйды. Ол устазымыздың сүйикли қостары ҳәм соның менен  бирге ең жақын сырласы болды. Балаларының тәрбиясына да үлкен жуўапкершилик пенен қарар еди. Төрт  перзенти  илим кандидатлары болып жетилисти. «Ананың кеўли балада» дегендей, солардың жақсы азамат болып, ғамсыз-ғаўғасыз жүриўи ата-ананың баслы нийет-тилеги. Халықта «Жақсы әке балаға қырық жыл азық» деген мақал бар. Сол айтқандай еле  көп жыллар даўамында ағамыздың берген тәрбиялары перзентлериниң өнип-өсиўине себепши болары сөзсиз.

Профессор Қ. Өтениязовқа тән баслы қәсийетлер-оның ҳәр тәреплеме билимлилиги, ҳадаллығы ҳәм талапшаңлығы болып табылады. Ағамыздың қәнигелиги химик болғаны менен зор импровизатор, яғный сөзге шешен, ҳәр қандай кыйын ситуациядан шығып билетуғын, өзиниң пикирин әпиўайы қарақалпақ тилинде жеткерип бере алатуғын инсан еди. Усы инсаныйлық қәсийетлер оның университет мийнет жәмәәти менен пүткил республикадағы абыройының тийкарғы дерегин белгилеген еди. Ол  ҳүрметли педагог, көрнекли алым, төрели басшы, жәмийетлик искер сыпатында халықтың исенимин жеңип алған инсан еди. Сонлықтан университет тарийхында оның орны гиреўли басшылардың бири болып қала береди.

Усы бирге ислесиў дәўиринде устазымыз тәрепинен көп ибратлы нәрселерди үйрениўге үлгерген едик. Таўдың қасынан узақласқан сайын оның төбеси жақсы көрине баслайды. Сол айтқандай өмир өткен сайын ағамыздың қәдир–қымбаты, жоқлығы соншелли дәрежеде билинип бара береди екен.

Сөзимниң ақырында, «Қуўанышбай ағамыздың жатқан жери жайлы, топырағы торқа болсын, оның жасай алмай кеткен жасларын өмирлик жолдасы Аккенже жеңгемизге ҳәм перзентлерине берсин» -деймиз.

 

Қарақалпақстан Республикасына

мийнети сиңген илим ғайраткери,                                       

физика – математика илимлериниң

докторы, профессор      Қ.А. Исмайлов.             

 

 

Пайдалы дереклер