ЖАСЛАР БАСЛАМАСЫ ҲӘР БИР ЕСИККЕ КИРИП БАРМАҚТА | | Karakalpak state university

ЖАСЛАР БАСЛАМАСЫ ҲӘР БИР ЕСИККЕ КИРИП БАРМАҚТА

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслары Нөкис қаласы аймағындағы мәҳәллелерге ҳәм ондағы шаңарақларға, саўда орынларына барып пуқараларды «Таза қала» жаслар басламасында биргеликте қаламызды абат етиўге шақырды ҳәм арнаўлы флаерлерди тарқатып үгит-нәсият жумысларын алып барып атыр.

Жасап атырған қаламыз азадалығы ушын үлги кѳрсетип атырған талапшаң жасларымызды қоллап-қуўатлаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамызға айланса биз халқымыздың аўызбиршилигин кѳрсетиў менен бирге жақсы басламаларға да үлесимизди қосқан боламыз.  

 

Пайдалы дереклер