https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Юсупов Конысбай Абыловичтың педагогика илимлери докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының талқылаўы ҳаққында | | Karakalpak state university

Юсупов Конысбай Абыловичтың педагогика илимлери докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының талқылаўы ҳаққында

2021-жыл 23-апрель күни саат 15 00 де Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы DSc/PhD.03/30.12.2019.Fil.20.01 санлы Илимий кеңеси тийкарында 13.00.02 – «Тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы» (филология) қәнигелиги бойынша бир мәртелик Илимий кеңес жанындағы Илимий семинар мәжилиси университеттиң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң мәжилислер залында болып өтеди.

Мәжилисте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  доценти Юсупов Конысбай Абыловичтың “Академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебиятын оқытыў методикасы (шөлкемлестириў усыллары, сабақтан тыс шынығыўлар)” деген темадағы педагогика илимлери докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.

 

Пайдалы дереклер