ЖАСЛАРДЫҢ БОС ЎАҚТЫН МАЗМУНЛЫ ӨТКЕРИЎ БОЙЫНША ИС-ИЛАЖЛАР | | Karakalpak state university

ЖАСЛАРДЫҢ БОС ЎАҚТЫН МАЗМУНЛЫ ӨТКЕРИЎ БОЙЫНША ИС-ИЛАЖЛАР

  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Көркем-өнер факультети  жәмәәти  Нөкис қаласы 3-секторда  жайласқан “Нур” мәкан пуқаралар жыйынында ушырасыў өткерди.  

Ушырасыў барысында катнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл, 13-апрельдеги “Мәмлекетимизде жаслар бǝнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы” болыўы керек деген басламасы ҳаққында түсиндирип өтилди.

Университет ректоры тәрепинен тастыйықланған “Жол карта” менен МПЖ ўәкиллери таныстырылды ҳәм сол “Жол карта” тийкарында алдағы алып барылатуғын  жумыслар белгилеп алынды.

“Нур” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Анаргүл Орынбаева бул басламаны қоллап-қуўатлап, пикирлери менен бѳлисти.

 

  ϴз гезегинде “Нур” мәҳәлле пуқаралар жыйынында жасаўшы жаслар, бәнтлиги тәмийинленбеген, “Жаслар дәптери”, “Хаял-қызлар дәптери”не киргизилген жаслар хаққында мағлыўматлар алынды.

Буннан соң, “Факультет ҳәм мәҳәлле” принципи тийкарында бирге ислесиў бойынша ис-реже дүзилип, алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Ушырасыў соңында баслама бойынша алып барылатуғын бир қатар жумыслар додаланды.

 

Д.Абаданов,

Көркем-өнер факультети

Жаслар менен ислесиў бойынша

декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер