https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
«Дослық» МПЖ да юридика факультети студент жаслары тәрепинен абаданластырыў жумыслары алып барылды | | Karakalpak state university

«Дослық» МПЖ да юридика факультети студент жаслары тәрепинен абаданластырыў жумыслары алып барылды

Президентимиздиң “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыў керек деген басламасын университетимиз студент жаслары қоллап-қуўатлап, мәкан пуқаралар жыйыны жаслары ушын үлги болып атырғанлығы әлбетте, қуўанышлы жағдай.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисинде “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыў керек деген басламасын әмелге асырыўға қаратылған Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетине бириктирилген “Дослық” мәҳәлле пуқаралар жыйынындағы турғынлары, әсиресе, жаслар менен руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларын алып барыў бойынша усы жыл ушын Жол карта”сы тастыйықланды. Усы “Жол карта”да көрсетилген иләжларды орынлаў мақсетинде  усы жылдың 22-апрель күни юридика факультети студент жаслары “Дослық” МПЖда жайласқан Қ.Сайпов көшеси 39-жай турғыны Гүлзийра Балтабаеваның шаңарағына барып, көклемзарлaстырыў ҳәм aбaдaнлaстырыўға қаратылған “Таза қала” акциясын өткерди.

 

Пайдалы дереклер