https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
 «Миллий кийимлер көргизбеси ҳәм шебер қоллар» атамасындағы илажға «Қурылысшы» МПЖ турғынлары да қатнасты | | Karakalpak state university

 «Миллий кийимлер көргизбеси ҳәм шебер қоллар» атамасындағы илажға «Қурылысшы» МПЖ турғынлары да қатнасты

Усы жылдың 23-апрель күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында университет ректораты, университет ҳаял-қызлар шөлкеми, «Миллий тикланиш» демократиялық партиялары менен биргеликте «Миллий кийимлер көргизбеси ҳәм шебер қоллар» атамасында илаж болып өтти.

Дәслеп Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети профессор-оқытыўшылары «Қурылысшы» МПЖ на барып, «Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыўы керек деген баслама тийкарында бирге ислесиў бойынша режелер дүзилип, алдағы әмелге асырылатуғын жумыслар келисип алынды.  Сол тийкарда МПЖ турғынлары университетке келип, бүгинги илаж даўамында студент қызлардың қол өнерлери, жасларға жаратылған шәраятлары менен танысты. Бул болса жасларды ѳнерге бағдарлаўға қаратылған жақсы басламалардың бири.

          Бул илаж Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрелдеги «Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийнлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестриў ис-илажлары»на бағышланған видеоселектор мәжилисинде «Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыўы керек деген басламаны қоллап-қуўатлап, усы тийкарда алып барылды.

Илажға Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетине бириктирилген «Қурылысшы» МПЖ хаткери, ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы Дурымбетова Уғылхан апа ҳәм сол аймақтағы нураный ҳаял-қызлар қатнасты. Илаж даўамында мийманлар студент қызлардың қол өнерлери ҳәм университеттиң ишки имканиятлары, жасларға жаратылған шәраятлары менен танысты.

           

З.Жуманов  – Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика

факультетиниң

Жаслар менен бирге ислесиў бойынша

декан орынбасары

 

 

Пайдалы дереклер