https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
МИЛЛИЙ ОРАЙ ТӘРЕПИНЕН ИСЛЕНГЕН ЖАҚСЫ БАСЛАМАЛАР | | Karakalpak state university

МИЛЛИЙ ОРАЙ ТӘРЕПИНЕН ИСЛЕНГЕН ЖАҚСЫ БАСЛАМАЛАР

Усы жылдың 23-апрель күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Ѳзбекстан Республикасы Миллий Орайы хызметкерлериниң қатнасында Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл, 22-июндағы «Инсан ҳуқықлары бойынша Ѳзбекстан Республикасының Миллий стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПФ-6012-санлы Пәрманы ҳәм оған қосымша «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалар шеңберинде илаж ѳткерилди.

Инсан ҳуқықлары бойынша Ѳзбекстан Республикасы Миллий Орайы тәрепинен Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайына Инсан ҳуқықлары бойынша Ѳзбекстан Республикасы Миллий стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде басып шығарылған бир неше атамадағы әдебиятларды бийғәрез саўға етти.

            Жақсы басламалар негизинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор оқытыўшылары менен студент жаслардың ҳуқықый билимлерин асырыўда китаплар саны және де артты.  

Усындай саўаплы ислерди әмелге асырып атырған Инсан ҳуқықлары бойынша Ѳзбекстан Республикасы Миллий Орайына университет ректораты ҳәм Мәлимлеме-ресурс орайы хызметкерлери шексиз миннетдаршылық билдирди.

Сондай-ақ, «Жол картасы»ның 68-бәнтинде белгиленген ўазыйпаларды толық ҳәм нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде Миллий Орай тәрепинен исши топар дүзилген болып,  олар Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  «Инсан ҳуқықлары», «Ҳаяллар ҳуқықлары» ҳәм «Балалар ҳуқықлары» бағдарында оқытылыў сапасын мониторинг етиў жумысларын да алып барды.

ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

Пайдалы дереклер