https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
ЖАСЛАРДЫҢ БОС ЎАҚТЫН МАЗМУНЛЫ ӨТКЕРИЎ БОЙЫНША ИС-ИЛАЖЛАР | | Karakalpak state university

ЖАСЛАРДЫҢ БОС ЎАҚТЫН МАЗМУНЛЫ ӨТКЕРИЎ БОЙЫНША ИС-ИЛАЖЛАР

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети География ҳәм тәбийий ресурслар факультети  исши топар ағзалары менен биргеликте   Нөкис қаласы 3-секторда  жайласқан “Бақшылық” мәкан пуқаралар жыйынында  жаслар менен алып барылатуғын руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларын шөлкемлестириў  бойынша усы жылдың 23-апрель күни ушырасыў өткерди.  

Ушырасыў барысында катнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл, 13-апрельдеги “Мәмлекетимизде жаслар бǝнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы” болыўы керек деген басламасы ҳаққында түсиндирип өтилди.

Университет ректоры тәрепинен тастыйықланған “Жол карта” менен МПЖ ўәкиллери таныстырылды ҳәм сол “Жол карта” тийкарында алдағы алып барылатуғын  жумыслар белгилеп алынды.

“ Бақшылық ” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы А.Даўлетов бул басламаны қоллап-қуўатлап, пикирлери менен бѳлисти.

  ϴз гезегинде “ Бақшылық ” мәҳәлле пуқаралар жыйынында жасаўшы жаслар, бәнтлиги тәмийинленбеген, “Жаслар дәптери”, “Хаял-қызлар дәптери”не киргизилген жаслар хаққында мағлыўматлар алынды.

Буннан соң, “Факультет ҳәм мәҳәлле” принципи тийкарында бирге ислесиў бойынша ис-реже дүзилип, алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Ушырасыў соңында баслама бойынша алып барылатуғын бир қатар жумыслар додаланды.

 

 

 

Б.Таиров,

География ҳәм тәбийий ресурслар факультети 

Жаслар менен ислесиў бойынша

декан орынбасары.

Пайдалы дереклер