https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Нөкис қаласы ҳәкимлиги пуқараларға үндеў жәриялады! | | Karakalpak state university

Нөкис қаласы ҳәкимлиги пуқараларға үндеў жәриялады!

Ҳүрметли пуқаралар, карантин қағыйдаларына әмел етиң!

Өзбекстанда коронавирусқа қарсы ғалаба емлеў илажлары 2021-жылдың 1-апрельден басланды. Биринши гезекте 65 жастан жоқары болған шахслар ҳәм медицина хызметкерлери емлениўи әмелге асырылмақта. Халқымыз арасында кеселликти жуқтырып алыўдың алдын алыў мақсетинде усы жылдың 18-апрель сәнесинен баслап карантин қағыйдалары және де күшейтирилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги қала турғынлары ҳәм мийманларынан бул кеселлик тарқалыўыниң алдын алыў мақсетинде төмендеги жеке гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиўин сорайды:

– нықаплар тағыў;
– адамлар көп жыйналатуғын орынларға бармаў ямаса имканияты болғанша усындай орынларға барыўды азайтыў (ғалабалық илажлар, базарлар, саўда-кеўилашар орайлар);
– грипп ямаса аязлаў белгилери болған инсанлар менен сөйлеспеў;
– жәмийетлик орынларда, транспортларда ҳәр қандай үстки бөлеклерди услағанда қолыңызды жақсылап сабын менен жақсылап жуўыў ямаса бактерияларға қарсы антисептикалық қураллардан пайдаланыў;
– аралықты сақлаў;
– қол берип көрисиў, қушақласыў ҳәм соған уқсас әдетлерге шек қойыў;
– гаджетлер ҳәм оргтехникаларды турақлы түрде дезинфекциялаў;
– тек ғана өз жеке гигиеналық қуралыңыздан пайдаланың.

Егер пуқаралар тәрепинен карантин қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары анықланса, онда ескертиўлерсиз нызамлы түрде шара көриледи.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

 

Пайдалы дереклер