https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
МЕКТЕП ПИТКЕРИЎШИЛЕРИНЕ ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ ТҮСИНИК БЕРИЛДИ | | Karakalpak state university

МЕКТЕП ПИТКЕРИЎШИЛЕРИНЕ ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ ТҮСИНИК БЕРИЛДИ

«Алмазар» мǝкан пуқаралар жыйны аймағында жайласқан 22-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң мǝжилислер залында 11-класс оқыўшылары ушын жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыў ҳәм оқыў процесси бойынша дәслепки түсиниклерди бериў мақсетинде  ушырасыў болып ѳтти.

Ушырасыўға Архитектура факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Баекеев ҳǝм қала қурылысы ҳǝм хожалығы кафедрасы асисстенти Б.Қосымбетовлар қатнасып, итибардағы жаслар мәселеси бойынша ѳз –ара пикир алысты.

Ушырасыў барысында қатнасыўшыларға  Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алып барылып атырған мәмлекетимиз жасларына қаратылған сиясатының әҳмийети ҳаққында айтып ѳтилип, соның менен бирге оқып билим аламан деген жаслар ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде барлық мүмкиншиликлер жаратылғанын ҳǝм жоқары оқыў орынларына жасларды қамтып алыўды кеңейтиў, жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў, сапасын асырыў бағдарында алып барылып атырған ислер бойынша мағлыўматлар берилди.

 Мектеп оқытыўшылары ҳәм жоқары оқыў орынлары оқытыўшылары бир-бири менен методикалық бирге ислесиўде байланыста болыўы ҳәм мектеп оқыўшылар мененде тығыз байланыста болыўы кереклиги айтып өтилди.

11-класс питкериўшилери өзлерин қызықтырған сораўларына қǝниге тǝрепинен жуўаплар алды.

 

 

 

Пайдалы дереклер