https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
МОЙНАҚҚА САЯХАТ | | Karakalpak state university

МОЙНАҚҚА САЯХАТ

«Мәденият Мойнақтан басланады» деген қанатлы пикир бүгин қаншелли дәрежеде ҳақыйқатлық екенлигин студент жасларымыз кѳрип, гүўасы болды.

 Президентимиздиң узақты гѳзлеп айтқан жоқарыдағы пикири Мойнақ кѳшелерин аралаған сайын ѳзиниң турмыс шынлығына айланып кеткенлигин терең сезиндик.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс факультети, «Инженерлик коммуникациялар қурылысы» бағдары 3-курс студент-жаслары жақында Мойнақ районына саяхат етип қайтты.

Саяхатқа шыққан студент-жаслар Мойнақ районында кейинги жылларда болған үлкен өзгерислердиӊ гуўасы болды. Саяхат даўамында студент-жаслар, кемелер қойымшылығына, музей, амфитеатр, спорт майданшасын, сондай-ақ, районда қурылып атырған имаратлар менен танысты.

Студент-жаслар Мойнақ районына қылған саяхатынан үлкен ҳәм жақсы тәсирлер менен қайтты.

 

 

 

Инженерлик коммуникациялар қурылысы

 бағдары 3-курс топар басшысы;      А.Сейтимбетов.

Пайдалы дереклер