https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
«Мәҳәлле бахыт дәргайы» атамасында «Тарийх» факультети исши топар ағзалары тәрепинен ушырасыў өткерилди | | Karakalpak state university

«Мәҳәлле бахыт дәргайы» атамасында «Тарийх» факультети исши топар ағзалары тәрепинен ушырасыў өткерилди

Бүгинги күнде барлық аймақларда, қала ҳәм районларда жумыслар мәҳәллелерге көшип, жумыс усылымыз жаңаланып бармақта. Себеби, жумыслар «Мәҳәлле кесими» системасында шөлкемлестирилип, тийисли тараў қәнигелери пуқаралар жыйынларында халықтың машқалаларын үйренип, исбилерменликти раўажландырыў, бул арқалы кәмбағаллықты қысқарттырыў илажлары көрилмекте.

Тарийх факультетинде исши топар ағзалары менен биргеликте «Ели абат» мәкан пуқаралар жыйынындағы жаслар менен алып барылатуғын руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларын шөлкемлестириў бойынша усы жылдың 23-апрель күни семинар болып өтти.

            Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрелдеги «Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары»на бағышланған видеоселектор мәжилисинде «Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыўы керек деген басламасын «Ели абат» мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырыў бойынша Тарийх факультетинде дүзилген исши топар тәрепинен унамлы жумыслар әмелге асырылып атыр.

 Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде исши топар ағзалары: С.Сулайманов, А.Бердимуратова, Ж.Ҳәкимниязов, С.Сайманов, А.Матжанов, И.Елмуратов, М.Толыбаев, Б.Ибрагимов, Ж.Бийимбетов, ҳәм Ҳ.Эгамбергановлар менен биргеликте «Ели абат» мәкан пуқаралар жыйынына барып жақыннан танысып, келешекте бирге ислесиў илажлары белгилеп алынды.

 

Исши топардың искерлиги даўамында «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптер»ине кирген пуқаралардың дизими алынып, оларға университет тәрепинен жаратылған мүмкиншиликлердиң мазмуны ҳаққында таныстырып өтилди ҳәм қамтыў мәселелери бойынша жумыслар алып барылды.

 

Пайдалы дереклер