https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ ӨЗ-АРА БЕЛЛЕСТИ | | Karakalpak state university

МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ ӨЗ-АРА БЕЛЛЕСТИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор оқытыўшылары пуқаралар жыйыны жасларының ўақтын мазмунлы ѳткериў бағдарында ҳәр қыйлы илажларды шѳлкемлестирип, жаслар менен тығыз ислесип атыр.

Университеттиң Биология факультети Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы тәрепинен пайтахтымыздағы “Өрнек” мәкан пуқаралар жыйыны жасларының қатнасында спорттың «Стол тенниси» түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.

 Өткерилген жарысқа аймақтың жәмлеспеген жаслары қатнасып, өз-ара беллести. Кескин беллесиўлерге бай болған жарыста жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.

 Жарысты өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет – жаслар арасында спортты кеңнен ен жайдырыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў болып табылады.

 

 

Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,

Биология факультети Жаслар менен ислесиў

бойынша декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер