https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
БИР ЗИЯЛЫ БИР МӘҲӘЛЛЕГЕ РУЎХЫЙ ҚӘЎЕНДЕР | | Karakalpak state university

БИР ЗИЯЛЫ БИР МӘҲӘЛЛЕГЕ РУЎХЫЙ ҚӘЎЕНДЕР

Президентимиздиӊ усы жыл 13- апрелдеги уллы басламасы тийкарында   жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, оларға шараят жаратып бериў бағдарында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде унамлы жумыслар алып барылып атыр.

«Бир зиялы бир мәҳәллеге руўхый кәўендер» дегендей, университеттиӊ профессор оқытыўшылары тәрепинен дүзилген топар ҳәр бир жас пенен тығыз сөйлесиўлер алып барып, оларда жаӊаша пикирлеў дүньясын қәлиплестирмекте.  

Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ айрықша атап көрсеткен жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бағдарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс факультети профессор-оқытыўшылары Қараөзек районында болып, пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында еӊ әҳмийетли мәселелер, жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, оларға шараят жаратып бериў, олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жаслардыӊ исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы имканиятларды буннан былайда кеӊейтиў бойынша жаӊа механизмлерди енгизиў ўазыйпалары келисип алынды.

 

 Жаслар менен ислесиў бойынша

декан орынбасары;          С.Нурниязов

 

 

Пайдалы дереклер