https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Қәлби «адам-дүнья» системасын қамраған устаз | | Karakalpak state university

Қәлби «адам-дүнья» системасын қамраған устаз

 

Илим инсанның тәғдирин белгилеўши тийкарғы факторлардың бири болып, ол адамға тәбият ҳәм жәмийетти түсиниў ушын шексиз мүмкиншиликлерди, имканиятларды береди. Мудамы илимге умтылып жасаў илимпазлардың руўхый дүньясының қәлиплесиўине ҳәм раўажланыўына тәсирин тийгизеди. Илим оларды алға қарап умтылып жасаўға, қурамалы системалардың бири болған жәмийет, тәбият ҳәм адам проблемаларын изертлеўге, дүньяның илимий картинасын аңлаўға, әлемниң тийкарын түсиниўге ийтермелейди. Сол себепли илимпаз болыў кең қамараўлы билимди, өмирлик тәжрийбени, өзгеше қәбилетти, баўрыкеңликти, шыдамлылықты,  шынлық ушын гүресиўди, аянбай мийнет етиўди талап етеди.  Усындай пазыйлетлерге ийе болған алым – мен сөз етпекши болған Беруни атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, философия илимлери докторы, профессор Полат Давлетович Сеитов пенен мен 1993 – жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине жумысқа келип таныстым. Бул инсан менен философия пәниниң қурамалы аспектлери бойынша сәўбетлесиў адамда илимге болған қызығыўшылықты раўажландырар еди, қуўаныш сезимин оятар еди, оның бай илимий мийрасқа ийе екенлигинен дерек берер еди. Қәлеген илимий проблемаға ҳәр тәрептен қатнас жасаў имканиятын қәлиплестириў мүмкиншилигин беретуғын еди. Устазымыздың илим-пәнге болған садықлығын көриў бизлер ушын үлкен бахыт болды. Усындай бахытты бизге инам еткен устаздың нурлы келбети алдында бизлер мәңги бас ийсек арзыйды. Оның онтологиялық, гносеологиялық, диалектикалық  проблемаларды анализлегениндеги ойлаў стилиниң анықлылығы, илимийлиги, пикирлеўиниң тереңлиги, әпиўайы ҳалаттада философиялық пикирлесиўге таяр туратуғынлығы ҳәммемизде жақсы из қалдырды.

Полат Давлетович Сеитов 1934 жылы Хожели қаласында туўылған. Ол ең бириншилерден болып, Москва мәмлекетлик университетиниң философия факультетине оқыўға кирип, аты көрсетилген жоқары оқыў орнын тамамлады. Сол жерге аспирантураға оқыўға кирип, 1964 – жылы кандидатлық диссертациясын жақлады. Докторлық диссертациясын болса, ол 1993 –жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Философия ҳәм ҳуқық институтында қорғады. Устазлардың устазы болған илимпаз-философ өмирин илимий, педагогикалық искерликке бағышлап, мийнет жолын  Қарақалпақ мәмлекетлик  педагогикалық институтының оқытыўшысы лаўазымынан баслады. Ол сол жерде үлкен оқытыўшы, илимий ислер бойынша проректор, кейин ала Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң философия кафедрасының доценти, кафедра баслығы, Ташкент педиатрия медициналық институтының Нөкис филиалында философия кафедрасы баслығы, профессоры лаўазымларында жумыс иследи. Ол өзиниң илимпаз ҳәм педагог сыпатындағы бар талантын Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстан Республикасында философиялық илимниң раўажланыўына бағышлады. Әсиресе енди илимге қадем атқан жас излениўшилерге аталық ғамхорлығын аямады.

П.Д.Сеитовтың илимий изертлеўлери диалектика теориясына бағышланған, өмири даўамында диалектиканың системалылығы, диалектиканың логикалық, методологиялық мәселелери, оның тийкарғы нызамлары ҳәм категориялары, жәмийеттиң раўажланыў тийкары проблемалары бойынша изертлеўлер алып барған алым. Бул изертлеўлер бағдарында оның қолға киргизген нәтийжелери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, алынған жуўмақларының илимий жаңалығы тийкарында устазымыз, профессор П.Д.Сеитовке Беруни атындағы мәмлекетлик сыйлық берилди. Оның диалектиканың системалылығы бойынша жазған илимий мақалалары бурынғы аўқам философлары, усы илимий бағдар бойынша үлкен қәнигелер А.П.Шептулин, Мелюхин ҳ.б. тәрепинен сынға алынып, жақсы баҳаланған.

Мен 1993-жылы П.Д.Сеитов басқарған кафедраға жумысқа келип, бирге ислесип атырған ўақытта,  ол «Диалектиканың системалылығы» деген темада докторлық диссертациясын жақлаўға шығады ҳәм маған жумысын берип, кафедраның атынан пикир жазып бериўимди илтимас қылады. Диссертацияны оқып шығып, П.Д.Сеитовтың илимий жумысының барлық алымлар, изертлеўшилер ушын үлги болатуғындай күшке ийе екенлигин түсиндим. Қағаз бетлеринде оның «диалектика ҳәм билиў теориясы» қәнигелиги бағдарында белгили алымлардың мийнетлеринде баян етилген пикирлери бойынша оның алып барған илимий полемикасы, өзиниң көз қарасын ҳәр тәреплеме полипарадигмал усылға тийкарланған ҳалда қорғаўы, илимий тилиниң анықлығы, қатаң логикалық избе-изликте идеяларының берилиўи айрықша көзге тасланар еди. Өзиниң изертлеў жумысында ол  диалектикалық философияның кең ҳәм тар мәнислерде алып қаралыўына дыққат аўдарады. Бир тәрептен, диалектикалық философия  өз ишине тек диалектиканының өзин қамрап алмай, ал ол әмелий диалектиканыда, яғный тәбияттың, жәмийеттиң ҳәм руўхый дүньяның да философиялық мәселелерин, олардың ең улыўмалық раўажланыў нызамларын өз ишине киргизеди, ҳәм диалектикалық-материалистлик философияның тийкарғы мазмуны бир пүтин улыўма философиялық ҳәм дүньяға көз қараслық илим сыпатында алып қаралады десе, екинши тәрептен, диалектиканы диалектикалық-материалистлик философияның   раўажланыўының улыўма теориясы, логикасы ҳәм билиў теориясы екенлигин алға сүреди. Усы берилген түсидирме тийкарында диалектика өз ишине объективлик, логикалық, гносеологиялық ҳәм методологиялық аспектлерди қамрап алатуғын философиялық илимниң улыўма теориялық ядросы екенлигин дәлиллеп береди. Бул берилген көз қарас «адам-дүнья» проблемаларын түсиниўдиң, түсиндириўдиң қурамаласып баратырған ўақтында устазымыз алға сүрген методология тийкарында, қәлеген шәраятқа системалық қатнас жасап үйрениў  ҳәзирги күни «Философия»ны оқытыўда жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары тәрепинен басшылыққа алынбақта. Оның илимий концепциясы ҳәзирги заман философиясының раўажланыўына, көплеген изертлеўшилердиң илимий бағдарларының белгилениўине өз тәсирин тийгизбекте. Усы жерде, уллы ойшыл Алишер Наўайының «Инсоннинг зеби-зийнати билим ва одобдир. Буларни шогирдларига сингдирган устозларгина чинакам устозлардир», деген тәсирли сөзлерин  келтирип өтиў орынлы болса керек деп ойлайман.

П.Д.Сеитов философияның актуал мәселелерине арналған кең көлемли монографиялардың («Материалистическая диалектика как философское учение о развитии» ҳәм б.) авторы. Қарақалпақ тилинде биринши рет жазылған «Философияға кирисиў» (1992 ж.) атлы оқыў қолланбасы кең жәмәәтшилик тәрепинен жоқары баҳаланып, талабалардың, профессор-оқытыўшылардың стол үсти китапларының бирине айланған.

Устазымыздың тынбай мийнет етиўи, илимий изертлеўлери тийкарында өмириниң соңғы жыллары философия бойынша жазған «Философия бойынша оқыў қолланба» (2017 ж.), «Философия как материалистическая диалектика» атлы оқыў қолланбалары жоқары оқыў орынларының барлық қәнигеликлеринде өтилетуғын философия пәнин оқытқанда, «Философия» бағдарында өтилетуғын қәнигелик пәнлерди үйренгенде бийбаҳа әҳмийетке ийе екенлигин ҳеш ким бийкар етпесе керек. Оның дүньяда, өзимиздиң республикамызда философия илиминиң раўажланыўына қосқан үлеси шексиз ҳәм бул илим тараўында тири болғанында айтатуғын пикирлери еле де көп еди деп ойлайман.

П.Д.Сеитов тек терең билимге ийе философ-алым, қай жерде жумыс ислемесин, өмирин жоқары дәрежели профессионал кадрларды таярлаўға бағышлаған педагог сыпатында ғана емес, ал алымлық этикасы, туўры сөзлиги, сөзи менен иси, ойлаў образы менен ис-ҳәрекет образы мудамы бирликте болған жоқары мәдениятлылыққа ийе инсан сыпатында да барлық философлар, шәкиртлери ушын жақтылық нурын шашқан, жаслар ушын өрнек болатуғын, ҳәзирги заман изертлеўшилери ушын үлги мектеби болатуғындай илимпаз еди.   Оның илимпаз, педагог, гөззал инсан сыпатындағы жарқын келбети бизлердиң ядымызда мәңги сақланатуғыны сөзсиз. Аты философия илимлери бағдарында алтын   ҳәриплер менен жазылған, Өзбекстан Республикасының ең көрнекли илимпазы, устазымыз профессор П.Д. Сеитовтың руўхлары мәңги шад болғай!

 

Қарақалпақ мәмлекетлик университети, социаллық пәнлер кафедрасы

профессор А.К.Бердимуратова

Пайдалы дереклер