"АЛМАЗАР" МПЖ ЖАСЛАРЫ АРХИТЕКТУРА ФАКУЛЬТЕТИНДЕ | | Karakalpak state university

“АЛМАЗАР” МПЖ ЖАСЛАРЫ АРХИТЕКТУРА ФАКУЛЬТЕТИНДЕ

 

“Алмазар” МПЖ дағы “темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптер”инде дизимде турған шаӊарақ перзентлери архитектура факультетинде болып, архитектуралық сызылмаларды қалай сызыў, жойбарда нелерге көбирек дыққат-итибар қаратыў кереклиги ҳаққында түсиник алды. Бул болса олардың жоқары оқыӯ орнында билим алыӯға болған ҳәӯесин арттырып жиберди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрельдеги “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша Архитектура факультетине бириктирилген “Алмазар” МПЖ дағы “темир дәптер”, “ҳаяллар дәптер”инде дизимде турған шаӊарақ балаларын кәсипке бағдарлаў мақсетинде архитектура факультети устаханасына саяхат шөлкемлестирилди.

“Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптер”инде дизимде турған шаӊарақ балаларына факультетимизде студент жаслардыӊ оқып билим алыўы ушын жаратылған кең мүмкиншиликлер менен таныстырыў мақсетинде, оқыў ислери бойынша декан орынбасары А.Турдыбаев архитектуралық сызылмаларды қалай сызыўды соныӊ менен бирге жойбарда нелерге көп дыққат-итибар қаратыў кереклигин, қала қурылыс ҳәм хожалығы кафедрасы доценти М.Асаматдинов бүгинги күнде заманагөй қурылыс “КНАУФ” материаллары технологиясын қолланыў усыллары, оларды қурылыста дурыс ҳәм анық пайдаланыў жоллары ҳаққында, стажёр-оқытыўшы Ш.Алланазаров “Метал инвест” ЖШЖти менен бирге буйыртпа тийкарында алып барып атырған жумыслары ҳаққында балаларға кеӊнен түсиник берип өтти.

 

 З.Баекеев,

Архитектура факультети жаслар менен 

   ислесиў бойынша декан орынбасары            

 

Пайдалы дереклер