https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Бакалавриат ҳәм магистратура имтиханлары интернетте жанлы эфирге узатылады | | Karakalpak state university

Бакалавриат ҳәм магистратура имтиханлары интернетте жанлы эфирге узатылады

Енди ЖООныӊ бакалавриат ҳәм магистратура имтиханлары интернетте жанлы эфирге узатылады.

Президент пәрманына көре, төмендеги имтиханларды өткериӯ процесин Интернетте жанлы эфирге узатыӯ тәртиби енгизиледи.

Бакалавриат тәлим бағдарларына кириӯ ушын тест ҳәм дөретиӯшилик (кәсиплик) имтиханлар;

Магистратура (клиник ординатура) басқышына қабыллаӯ имтиханлары;

Республикадағы яки сырт елдеги ЖООнан республикадағы мәмлекетлик жоқары оқыӯ орнына оқыӯды көшириӯ тилегин билдирген студентлерден алынатуғын имтиханлар;

Сырт елде билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыӯда талапкерлерден алынатуғын тест сынақлары.

2021/2022- оқыӯ жылы қабыллаӯына шекем имтиханларды Интернетте жанлы эфирге узатыӯды тәмийнлейтуғын, барлық пайдаланыӯшылар ушын ашық болған “imtihon.uz” веб-платформасы иске түсириледи, деп хабар етеди бул ҳаққында» EFFECT.UZ » рәсмий каналы.

 

 

Пайдалы дереклер