https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
«ПЕРЕВОД»ТА ҚАНДАЙ ӨЗГЕРИСЛЕР БОЛАДЫ? | | Karakalpak state university

«ПЕРЕВОД»ТА ҚАНДАЙ ӨЗГЕРИСЛЕР БОЛАДЫ?

Жоқары ҳәм орта арнаӯлы билимлендириӯ министри Абдуқодир Тошқулов Жаслар менен ушырасыӯда оқыӯды көшириӯ мәселесинде болатуғын өзгерислер ҳаққында айырым мағлыӯматларды айтып өтти.

Атап айтқанда, тараӯдағы коррупцияныӊ алдын алыӯ мақсетинде:

Бириншиден шет елден оқыӯды көшириӯ ушын өткерилетуғын имтиханда Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен тест алынатуғын болды.

Бурын Жоқары билимлендириӯ министрлигиниӊ базасы арқалы тест қылынар еди ҳәм бул исенимсизликке себеп болар еди. Буннан мақсет-және де ашық-айдынлықты тәмийинлеӯ.

Екиншиден, оқыӯға көширилип атырған жөнелистеги өтиӯ балы қойылады, әпиӯайы контракт ушын 4 баллы шкала да болады, супер –контрактлар да оларға әмел етеди.

Дәслепки шет елден көшириӯде дерлик барлық жөнелислерде 56 балл талабы қойылар еди. Санаӯлы жөнелислер де ғана 100 яки басқа баллар белгиленер еди. Бул болса көпшиликтиӊ наразылығына себеп болды. Кимлердур қыйналып 140-150 балл менен оқыӯға киреди, кимлердур қоӊсы мәмлекетке  яки барып, яки бармай, 56 балл менен 2-курстан студент болар еди. Яғный, мақсет шет елде илим ҳәм тәлим алыӯ емес, әпиӯайы ғана кейинги жылы оқыӯды көшириӯ еди. Көплеп фирмалардыӊ ӯәделерине исенип, алданып қалғанлары да жүдә көп.

Мағлыӯмат «Abituriyent INFO»дан алып таярланды.

Пайдалы дереклер