https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Қоспа билимлендириў дәстүриниң дәслепки қарлығашлары | | Karakalpak state university

Қоспа билимлендириў дәстүриниң дәслепки қарлығашлары

Өзбекстан Республикасы ҳәм Беларусь Республикасы ортасында көплеген тараўлар бойынша бирге ислесиўлер әмелге асырылмақта. Илим ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде жақын арада Университетимиз ректоры А.Реймов басшылығындағы университет делегациясының Беларусь Республикасына болған сапарын айтсақ болады. Бул сапар даўамында бир қатар университетлер менен илимий, илимий педагогикалық, қоспа билимлендириў дәстүри (Doublee degree programm) тийкарында кадрлар таярлаў, профессор-оқытыўшылар менен студентлердиң өз-ара тәжирийбе алмасыўы ҳ.т.б.лар бойынша келисимге келинди.

Усындай бирге ислесиўдиң нәтийжеси ретинде 2019-2020 оқыў жылында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Белоруссия мәмлекетлик технология университети ректорлары арасында дүзилген шәртнамаға тийкарланып, қоспа билимлендириў дәстүри (Doublee degree programm) тийкарында кадрлар таярлаў бойынша шөлкемлестирилген 5А320407 – Химиялық технологияның процесслери ҳәм аппаратлары (ислеп шығарыў түрлери бойынша) магистратура қәнигелигине магистрлер оқыўға қабылланды. 2020-2021 оқыў жылының басынан баслап бул магистрлер өзлериниң оқыўын Белоруссия мәмлекетлик технология университетинде даўам етти.

Университет ректоры Ахмед Реймовтыӊ басшылығындағы делегация ағзалары Белоруссия мәмлекетлик технология университетинде болды. Ушырасыӯ барысында Ахмед Реймовқа еки университет арасындағы дослық ҳәм халықаралық билимлерди раӯажландырыӯ саласында қосқан хызметлери ушын «Белоруссия мәмлекетлик технология университети раўажланыўына қосқан хызметлери ушын» медалын салтанатлы жағдайда тапсырды. Университет ректоры А.Реймов Белоруссия мәмлекетлик технология университетинде  оқыўын даўам етип атырған магистрантлар менен сәўбетлесиў өткерип, олардың жағдайлары менен, илимий жумысларының барысы менен танысты ҳәм оларға өзиниң мәсләҳатларын берди.

Магистрантлар оқыў режеде кɵрсетилген пǝнлерди толық өзлестирип, 2021 жыл 23 июнь күни магистрлик  диссертациясын айырықша баҳаларға табыслы қорғап шықты ҳәм еки дипломға, яғный Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Белоруссия мәмлекетлик технология университетлери дипломларына ийе болды. Аттестация комиссиясы ағзалары тәрепинен магистрлеримиз өз илимий жумысларын жоқары дәрежеде орынлағаны айтылып өтилди. Магистрлерде өз гезегинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Белоруссия мәмлекетлик технология университетлери ректоратларына усындай имканиятларды жаратып бергени ушын өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.

Бул университет пенен қоспа билимлендириў дәстүри бойынша биргеликте кадрлар таярлаў бойынша жумыслар даўам етип, 2021-2022 оқыў жылында 4 магистр өзлериниң оқыўын Белоруссия мәмлекетинде даўам етеди.

Диссертациясын табыслы қорғап шыққан магистрлерге  бәлент пәрўазлар тилеймиз.

 

Ғ.Султанов, Химия-технология факультети Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары

Пайдалы дереклер