https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Ири өндирис кәрханалары басшылары менен оқыў режедеги таӊлаў пәнлери ҳаққында мәслаҳәт. | | Karakalpak state university

Ири өндирис кәрханалары басшылары менен оқыў режедеги таӊлаў пәнлери ҳаққында мәслаҳәт.

Хабарыӊыз бар усы жылдыӊ 16-июнь сәнесиде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  басшылығында жоқары билимлендириўдеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өткен еди, мәжлисте билимлендириўдиң сапасын жақсылаў ҳәм оның барлық процесслерин базар талапларынан келип шығып ислеў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Усы белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мәқсетинде 25-июнь күни Санаат технологиясы факультетинде ислеп шығарыў кәрханалары басшылары менен ушырасыў өткерилди.

 Ушырасыўға Санаат технолоргия факультети деканы Р.Қурбаниязов, Нефть ҳәм газ технологиясы кафедрасы баслығы Т.Наубеев, Санаат технологиясы кафедрасы баслығы А.Мәмбетшерипова, Санаат технологиясы кафедрасы үлкен оқытыўшысы С.Айтымбетов «Шоманай Экотекс» МЧЖ директоры А.Абдувахидов, «Нукустекстиль» МЧЖ директоры Ж.Жуанмей, «ҚР. аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыў кооперациясы №1 филиалы» технологы А.Турениязов, «Вo’ston mega tekstil» МЧЖ  директоры Ж.Жаббаров, Устюрт химия комплекси ЖШЖ орайлық лаборатория инжинери х.и.к. доцент Б.Алламбергенов, Нөкис полимер заводы АОЖ кәрханасы инжинери А.Жаббаровлар қатнасты.

Ушырасыўды Санаат технология факультети деканы Р.Қурбаниязов ашты ҳәм алып барды. Өз сөзинде күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисиде  белгилеп берилген жоқары билимлендириўдеги тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў бүгинги күндеги оқыў режедеги пәнлер ҳәм үлги пән дәстүриндеги темалардың ислеп шығарыўда қолланылып атырған технологияларға сәйкеслигин анықлаў ҳәм келешекде тереӊрек бирге ислесиўди жолға қойыў керек екенлигин айтып өтти.

Бунан соң кәрхана басшылары «Нукустекстиль» МЧЖ директоры Ж. Жуанмей,  «ҚР. аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыў кооперациясы №1 филиалы» технологы А.Турениязов, «BO’STON MEGA TEKSTIL» МЧЖ директоры Ж.Жаббаров, «Шоманай Экотекс»МЧЖ директоры А.Абдувохидов, Устюрт химия комплекси ЖШЖ орайлық лаборатория инжинери х.и.к. доцент Б.Алламбергенов, Нөкис полимер заводы АОЖ кәрханасы инжинери А.Жаббаровлар  өзлериниң кǝрханаларындағы технологиялық процесслер ҳақкында мағлыўматлар менен таныстырып бирге ислесиўде жасларға илим-изертлеўлер алып барыў ушын кǝрханалар есиклери ашық екенлигин атап өтти.

Жеӊил санаат буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы ҳәмде Нефть ҳәм нефть газди қайта ислеў технологиясы бакалавр тәлим бағдары ушын оқыў режедеги таӊлаў пәнине ажыратылған саатлардан келип шығып қойылған пәнлер додаланды.

Шығып сөйлеўшилер оқыў режедеги пәнлер ҳәм үлги пән дәстүриндеги темалардың ҳәзирги күндеги өндиристе қолланылып атырған жаңа технологияларға сәйкес келетуғынлығы, кадрлар таярлаўдың мазмуны, студентлердиң билим ҳәм көнликпелерине қойылатуғын талаплар ислеп шығарыў кәрханалары талабынан келип шыққан ҳалда исленгенлиги ҳаққында мағлыўмат берди.

Өндирислик кәрханалар ҳәм мәкемелердиң қәниге таярлаў сапасына болған талапларын, тәлим бериўдиң мазмунын қәлиплестириў менен шуғулланыўшы ЖОО профиль кафедраларының профессор-оқытыўшылары тәрепинен системалы үйренилип барылыўын тәмийинлеў мақсетинде заманагөй ислеп шығарыў кәрханаларын терең үйренген ҳалда оқыў режелери ҳәм пәнниң бағдарламалары, оқыў әдебиятлары, соның ишинде оқыў-методикалық комплекслердиң заманға сай талаплар тийкарында ислеп шығыўда бирге ислесиў бойынша келисимлер қабыл етилди.

Соң тараў ўәкиллери менен ҳәзирги ўақытта ҳәр ҳәптеде бир күн кǝрхананың жетекши қәнигелери менен студент ушрасыўын шөлкемлестирилгени, бул ушрасыўларды басқа да ислеп шығарыў тараўларының да қатнасын тәмийнлеў бойынша анық шара илажлар белгиленип алынды ҳәм ис бериўшилер менен ҳәр оқыў жылы басында оқыў режеге киритилген пәнлер ҳәм пән дәстүриндеги темалар көрип шығылыўы ҳаққында келисип алынды.

Пайдалы дереклер