https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Санаат технологиясы факултетинде «Коррупсиясыз тараў» атамасында ушырасыў | | Karakalpak state university

Санаат технологиясы факултетинде «Коррупсиясыз тараў» атамасында ушырасыў

Усы жылдын 25-июнь сәнесиде Санаат технологиясы факултетинде кафедралар кесиминде, саат 16:00 де, Нефть ҳәм газ технологиясы кафедрасында саат 16:30 да Санаат технологиясы кафедрасында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ жинаят қыдырыў басқармасы коррупцияға ҳәм экономикалық жинаятларға қарсы гүресиў бөлими менен биргеликте «Коррупсиясыз тараў» атамасында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда күн тәртибиндеги  мәселе бойынша кафедра баслықлары шығып сөйлеп профессор-оқытыўшыларға тәртип-интизам, оқыў процессин жеделлестириў, кафедраға тийисли норматив ҳүжжетлерди ўақтында ҳәм дурыс жүргизиў, топарлардағы ҳәр бир студент пенен жеке ислесиў, курс топарлары студентлери арсындағы ҳәр түрли унамсыз иллетлерди қадағалаў, студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериўине үлкен итибар бериў, карантин қағыйдаларына әмел етиў, дәмегөйшилик, парахорлық иллетлерине қарсы гүресиў; қабыллаў процессиниң кириў имтиханлары өткерилиў ўақтында, студентлердиң оқыўын көшириўи менен байланыслы ҳеш қандай нызамсыз ҳǝрекетлерге араласыўына ҳǝм коррупция ҳалатларына тийисли шара-илажлар көриў кереклигин айтып өтти.

Сондай ақ Қарақалпақстан республикасы ИИМ жинаят қыдырыў басқармасы коррупцияға ҳәм экономикалық жинаятларға қарсы гүресиў бөлими хызметкери И.М. Дилимбетов сөзге шықты ол өз сөзинде 2021-2022 оқыў жылына қабыллаў процессиниӊ кириў имтиханлары өткерилиўи ўақтында ҳеш қандай нызамсыз ҳәрекетлерге араласпаў ҳаққында ҳәм де Ɵзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 168-ст.- алдаўшылық, 210-ст. –пара алыў, 211-ст. –пара бериў, 212-ст. – пара алыўда-бериўди дәлдалшылық етиўге көрсетилген жынайый жуўапкершилик ҳаққында ескертип өтти ҳәм бул жаман иллетлерди болдырмаў ушын профессор-оқытыўшыларды сергекликке шақырды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша кафедра профессор оқытыўшылары шығып сойлеп көрип шығылған мәселелер бойынша ѳзлериниң пикирлерин билдирди.

 

 

Пайдалы дереклер