«Жаслар күни»нде таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды | | Karakalpak state university

«Жаслар күни»нде таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды

Университет мәденият сарайында 30-июнь сәнесинде «Жаслар күни» байрам илажын өткериў ҳәм усы илаж шеңберинде 2020/2021-оқыў жылында оқыў системасы, жәмийетлик жумыслар, руўхый-ағартыўшылық илажларында белсендилик көрсеткен, түрли таңлаўлар жеңимпазлары болған бир қатар студент-жасларды салтанатлы сыйлықлаў мәресими  өткерилди.

Сыйлықлаў мәресимине университет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты. Сондай-ақ, бүгинги байрам менен Жаслар мәселелери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алауатдинов, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова, Өзбекстан Жаслар аўқамы университет жетекшиси Д.Абадановлар қутлықлап өтти ҳәм жасларымыздың жетискенликлерин мақтаныш етип атап өтти. Буннан соң, университет тәрепинен өткерилген таңлаўларда 1-2-3-орынларды ийелеп жеңимпаз болған студентлер дипломлар менен сыйлықланды.

 

Сыйлықлаў соңында Көркем-өнер факультети студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

П.Абдиразакова,

 Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти.

 

 

Пайдалы дереклер