ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫНДА БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИНЕ ОҚЫЎҒА ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕН СТУДЕНТ ҚЫЗЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ | | Karakalpak state university

ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫНДА БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИНЕ ОҚЫЎҒА ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕН СТУДЕНТ ҚЫЗЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

Бүгин  ҚМУ Ҳаял-қызлар Кенеси баслығы И. Сейтназарова тәрепинен университеттиң Химия- технология ҳәм Физика факультетине 1-курсқа оқыўға қабыл етилген студент қызлар менен ушырасыў – сәўбетлесиў кешеси  шөлкемлестирилди.  Ушырасыўға ҚМУ ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И. Сейтназарова, «Қызларжан» клубы жетекшиси, Химия-технология факультети  ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшиси Р.Калимбетова, Физика факультети  ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшиси З. Курбанбаева ҳәм 1-курс студент қызлар қатнасты.

Тийкарғы мақсет: Жаңа оқыў жылында  1-курсқа қабыл етилген студент қызларға оқыў орны, бул жерде жасларға тәлим берип атырған ҳаял-қыз оқытыўшылар, сондай-ак билим дәргайының мақтанышы болған ең үлгили студент қызларымыз  ҳақкында толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, университет жанындағы тиккелей қыз балаларға арналған СТЖдағы жаратылған шараятлар, онда жасаў тәртиби, ҚМУ Ҳаял-қызлар Кеңеси жанында  шөлкемлестирилген, бүгинги күнде белсенди искерлиги даўам етип атырған клуб ҳәм дөгереклер ҳаққында мағлыўмат берилип, ҳәр бир студент қыз өз имканиятлары ҳәм қызығыўшылығынан келип шығып, усы дөгерек ҳәм клубларға ағза болыўына шақырды.

Кеңес баслығы ҳәм ағзалары тәрепинен  1-курсқа қабыл етилген  студент қызлардың оқыў орнына масласыўына көмеклесиў, сөйлеў ҳәм кийиниў мәденияты, университеттиң  ишки тәртип-қағыйдалары ҳаққында сөз етилди.

 Сондай-ақ, ҚМУ Ҳаял-қызлар кеӊеси тәрепинен  бундай  ушырасыў ҳәм сәўбетлесиў кешелерин ҳәр бир факультетте кесте тийкарында өз алдына өткериў режелестирип алынды.

 

                                                       ҚМУ Ҳаял-қызлар Кеңеси

 

 

Пайдалы дереклер