https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Санаат технологиясы факультетинде ата-аналар менен болған ушырасыўдағы сөз етилген мәселелер | | Karakalpak state university

Санаат технологиясы факультетинде ата-аналар менен болған ушырасыўдағы сөз етилген мәселелер

Усы жылдыӊ 8-октябрь сәнесинде Санаат технологиясы факультетинде Жеӊил санаат буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы, Нефть ҳәм нефть газди қайта ислеў технологиясы ҳәм Технологиялық машина ҳәм үскенелер бакалавр тәлим бағдарларыныӊ  2021-2022- оқыў жылында1-курсқа қабыл етилген студенлердиӊ ата-аналары менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды факультет деканы Р.Курбаниязов кирис сөз бенен ашып берип, ата-аналарға жыйналыс қатнасыўшыларын таныстырып өтти. Соӊ күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша баянатшыға сөз берилди.

Күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Сахабатдин Алауатдинов сөзге шығып, бугинги кунде Жоқарғы билимлендириў системасында болып атырған жаӊалықлар, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студентлер ушын жаратылған имканиятлар менен ата-аналарды таныстырды ҳам тәлим-тәрбия жумыслары, профессор-оқытыўшылардың ата-аналары менен бирге тәлим-тәрбия жумысларын және де жақсылаў, студент-жасларды миллий идеологияға садық етип тәрбиялаў, студент-жаслар арасында хуқықбузарлық, жынаятшылық ҳәм нәшебентликке қарсы гүресиўге, кийиниў мәденияты, ғалабалық қәўиплер көринислериниң жаслар тәрбиясына кери тәсири ҳәм оның алдын алыўғақ аратылған ỹазыйпалар ҳаққында айтып өтилди. Сондай-ақ, ушырасыўда студент-жаслардың  бос ўақытларын мазмунлы ҳәм кеўилли өткериў, студентлердиң сабақ таярлаў, өз үстинде жумыс ислеўи, дем алыўы, спорт, ҳәм басқа дөгерек, клубларға қатнасыўы ушын университете жаратылған барлық шараятлар (интернет ханалары, спорт секциялары, диспут клублары, дөгереклер, студентлер турар жайындағы шараятлар) ҳаққында ата-аналарға мағлыўмат берилди. Студент-жаслардың бундай имканиятлардан дурыс пайдаланыўлары ҳәм студентлердиң оқыў дәўиринде профессор-оқытыўшылар ҳәм оқыўдан тыс ўақытларда ата-аналар перзентлерин қатаң қадағалаў кереклиги ҳаққында айрықша тоқтап өтилди. Ушырасыў кешесинде ата-аналарға перзентлериниң ерискен табыслары, айырым жаслар тәрепинен жол қойылған кемшиликлер ҳаққында толық мағлыўматлар берилди ҳәм ушырасыўға келген ата-аналарға миннетдаршылық билдирилди.

Буннан соӊ күн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша факультет деканы Р.Қурбаниязов тәрепинен Санааттехнологиясы факультети ҳәм 1-курс студентлери ушын әмелдеги кредит модул системасы ҳәмде Hemis платформасына студентлердиң мағлыўматларының жайластырылыўы хаққында толық мағлыўматлар берилди, сонын менен бирге факультет деканы контракт төлемлери, вакцина алыў жағдайлары бойынша да кеӊнен түсиниклер берип өтти.

Ата-аналар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Соӊынан Санаат технологиясы кафедрасы доценти И.Турманов сөзге шығып студентлердиӊ билим алыўында, тәлим-тәрбия жумысларыда ата-аналардыӊ  тутқан орны, факультетдеги профессор оқытыўшылардыӊ сабақ бериў методлары ҳаққында айтып жыйналыс барысында айтылған мағлыўматларға өзиниӊ пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Пайдалы дереклер