Ержанова Дильфуза Кадирбаевнаның филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясының талқылаўы ҳаққында | | Karakalpak state university

Ержанова Дильфуза Кадирбаевнаның филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясының талқылаўы ҳаққында

2021-жыл 22-октябрь күни саат 1000де Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы DSc.03/30.04.2021.Fil.20.01 санлы Илимий кеңеси қасындағы 10.00.03 – Қарақалпақ тили  қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси Мәлимлеме ресурс орайы бас студиясы арқалы онлайн (зоом) өткериледи.

Мәжилисте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң таяныш докторанты Ержанова Дильфуза Кадирбаевнаның «Ибрайым Юсупов поэмаларының лингвопоэтикалық анализи» темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.

Пайдалы дереклер