«Өрт қәўипсизлиги қағыйдасы – өмир пайдасы» | | Karakalpak state university

«Өрт қәўипсизлиги қағыйдасы – өмир пайдасы»

Ийис газинен пуқаралардыӊ қурбан болыў фактлери үйренилгенде көбинесе итибарсызлықтан жүз бермекте, дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы қәнигелери.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алып атырған бүгинги күнде ижарада туратуғын студентлердиӊ жасаӯ жағдайлары үйренилип, ийис газинен зәҳәрлениӯдиӊ алдын алыӯ бойынша түсиник жумыслары алып барылмақта.

Университеттиӊ жуӯапкер хызметкерлери, топар басшылары Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери, МПЖ баслықары ҳәм МПЖ инспекторлары қатнасында усы мәселелер үйренип шығылмақта. Бул бағдарда студент жасларымызға зәрүр болатуғын түсиник ҳәм мағлыӯматлар берилди.

Ийис газинен пуқаралардыӊ қурбан болыўыныӊ басым көпшилиги котёл морыларыныӊ тығылыўы ҳәм жарамсызлығы, там бастырмасынан натуўры шығарылғанлығы, көп ўақыттан берли пайдаланбай турған котёллардыӊ морыларын тазалатпай қосқанлығы, горелкалардыӊ насазлығы, талапқа жуўап бермейтуғын жасалма печлерин резина шланга арқалы жалғап, үйди ысытыў ушын пайдаланғанлығы себеп болмақта.

Егер сиз өзиӊиздиӊ жасаӯ үйиӊизде газ ийсин сезсеӊиз 104 телефонына хабар бериӯиӊиз керек.

Қарақалпақстан Республикасында ийис газинен 19 адам қайтыс болды, деген мағлыӯмат Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен ескертилер екен, бул факт ҳәр бир адамды сергекликке шақырады.

Күн суӯытыӯы менен үйимизди жылытыӯ әнжамына кирисемиз, бирақ жағып атырған котёлларымыз өзимиздиӊ өмиримиз ушын қәӯиптиӊ ошағына айланып қалмайма деген пикир ҳәр күни сизди сергекликке шақырып турса мақсетке муӯапық болады, дейди қәнигелер.
ҚМУ Баспасөз хызмети

 

Пайдалы дереклер