Университет студентлеринен жақсы баслама: Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери болған студентлер ушын қайырқомлық акциясы шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

Университет студентлеринен жақсы баслама: Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери болған студентлер ушын қайырқомлық акциясы шөлкемлестирилди

Халқымызда «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек» деген әжайып нақыл бар. Бул нақылды биз дерлик ҳәр күни еситемиз.Гейде жанымыздағы досларымызға да айтып қоямыз.Бирақ, өзиңизге сораў берип көрдиңизбе?  Соңғы мәрте қашан, кимге саўап ис қылдыңыз? Еситкен рахметлериңизди еслей аласыз ба? Саўап ислер тек мүтәжлерге жәрдем берип қоймастан, саўап ис ислеген инсанның да кеўил-кейпиятын көтереди. Жәнеде қайырлы ислерге қол урыўға ийтермелейди.

Мине елимизге жаңа 2022-жыл есик қағып кирип келди. Елимизде байрам кейпияты ҳүким сүрмекте.Байрам болса саўғаларсыз болмайды. Саўғалар ишинде ең жақсы саўға – итибар, шийрин сөз ҳәм ғамхорлық.

Мине усындай әжайып саўғаларды теңлеслерине инам етиў мақсетинде университеттиң белсенди студентлериниң басламасы менен әжайып қайырқомлық акциясына қол урылды.Университеттиӊ жаслар аўқамы волонтёрлары ҳәм жаслар аўқамы жетекшилери барлық факультетлерге қайырқомлық қутышаларын қойып, ондағы жыйналған қаржыларды университеттиң социаллық жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген шаңарақ студентлерине байрам саўғасы ретинде тапсырыўды нийет етти. Бир ай даўамында усы қайырқомлық қутышаларына жәми  20 460 000 (жигирма миллион төрт жуз алпыс мыӊ) сўм жыйналды.

Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен жәрдемге мүтәж студентлер үйренип шығылды ҳәм жәми 160 студентке топланған жәрдем пуллары бөлистирилди.

Байрам алдынан университет ректоры, барлық факультет жаслар аўқамы жетекшилери, кеңес ағзалары қатнасында бөлистирилген пуллар 127000 (бир жуз жигирма жети мыӊ) сўмнан конвертлерге жайластырылды ҳәм университет студентлери атынан жаңа жыл саўғасы ретинде өз ийелерине жеткерилди.

Ўақыт өте береди, инсанның изинде тек жақсы сөз ҳәм жақсы ислери калады. Усы пурсаттан пайдаланып бул акцияда қатнасқан барлық студентлерге, белсендилерге, шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

 

Университет Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми.

Пайдалы дереклер