⚡️ БӘҲӘРГИ КОММЕРЦИЯЛАСТЫРЫЎ ФОРУМЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ ИЛИМПАЗЛАРЫ  БЕЛСЕНДИ ҚАТНАСТЫ | | Karakalpak state university

⚡️ БӘҲӘРГИ КОММЕРЦИЯЛАСТЫРЫЎ ФОРУМЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ ИЛИМПАЗЛАРЫ  БЕЛСЕНДИ ҚАТНАСТЫ

                                                                          

         2022-жыл 11-март күни Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигинде сол министрлик, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәмде Илимлер академиясы менен биргеликте хожалық басқарыўы органлары, тармақ кәрханалары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм ўәлаят ҳәкимликлерин жоқары билимлендириў орынлары ҳәм илимий шөлкемлер менен шериклигин раўажландырыўға қаратылған илимий жумыслар Бәҳәрги коммерцияластырыў Форумы өз жумысын баслады.

         Форум жумысында Қарақалпақстан жоқары билимлендириў оқыў орынлары, тийкарынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жас илимпазлары ҳәм талантлы студентлери өзлериниң инновациялық жойбар ҳәмде илимий жумыслары менен белсенди катнасты.

         Соннан форумда Қарақалпақ мәмлекетлик университети үлкен оқытыўшысы, 2021-жылдағы “Инновациялық идеялар жетекшиси” көкирек нышаны жеңимпазы Н.Калиевтиң “Энергия үнемли лего гербиш ислеп шығарыў” атлы, университет профессоры, б.ф.д. М.Алланиязованиң “Вита Каракалпак-МА4” атлы, б.ф.д., доцент Т.И.Жугинисовтың “Қубла Аралбойы экологиялық системасында термитлер  зиянынан  қорғаныўда урбанласқан аймақлар (халық жасаў орынлары ҳәм мәдений мийрас объектлери) профилактикасы” атлы, қурылыс факультети тьюторы Б.А.Убайдуллаев “Ҳәзирги күнде бел аўрыўы, белдеги грижа, гемморой, жатақ жара кеселликлериниң көбейип кетиўиниң профилактикалық алдын алыўда ЭКО-матрас ислеп шығарыў ҳәм халыққа усыныў” атлы ҳәм басқа инновациялық жойбар ҳәм жумыслары көрсетилди ҳәм сол жойбар ҳәм жумысларға форум қатнасыўшылары тәрепинен жоқары қызығыўшылық билдирилип, тийисли шәртнәмалар дүзиў майданынан келисимлер әмелге асырылды.

         Бәҳәрги коммерцияластырыў форумы 2022-жыл 12-март күни де өз жумысын даўам етти.

 

 

 

Пайдалы дереклер