https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Кореялы энергетика тараўының қанигелери ҚМУда | | Karakalpak state university

Кореялы энергетика тараўының қанигелери ҚМУда

Бүгин Корея энергетика агентлиги, Қуяш энергиясы халықаралық институты, “Hanbek Construction Co., Ltd”  ҳәм  “We Energy Co., Ltd” компанияларының ўәкиллери ҳәм тараў қәнигелери мехмонда бўлди ўәкиллери ҳәм тараў қәнигелери университетимизде мийманда болды.

Мийманлар ҚМУ ректоры А.Реймов қабыллаўында болды ҳәм келешекте бирге ислесиў бойынша өз ара пикир алысты.

Айтып өтиў орынлы, кореялы энергетика тараўы қәнигелери тәрепинен Өзбекстанда энергия алыў нәтийжелилиги ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды раўажландырыўға көмеклесиў мақсетинде Қуяш энергиясы халықаралық институты ҳәм бир қатар сырт еллердиң мәпдар компаниялары менен биргеликте Өзбекстан экономикасы тармақларында энергия сақлаў системаларына тийкарланған қуяш энергетикасы системаларын қурыў бойынша “Өзбекстанның кескин ықлым өзгерислерине ийе аймақларында энергия сақлаў системаларына тийкарланған МВт (МегаВатт) класындағы фотоэлектрик системалар қурыў” техникалық-экономикалық тийкарланған жойбарларды әмелге асырмақта.

Өзбекстанның кескин ықлым өзгерислерине ийе аймақларының бири бул Қарақалпақстан Республикасы есапланады. Қарақалпақстан Республикасында қуяш электростанцияларын қурыў бойынша үйрениў жумысларын алып барып, келешекте усы қуяш электростанцияларында хызмет ететуғын тийкарғы кадрларды жетистирип бериўде Қарақалпақ мәмлекетлик университети таянш жоқары оқыў орны есапланады.

Илаж даўамында алдағы ўақытлары еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша өз ара келисип алынды ҳәм университет аймағында қуяш электр станциясын қурыў ҳәм профессор-оқытыўшылар, студент-жаслардың тәжирийбесин арттырыў бойынша усыныслар кең түрде додаланды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер