https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Коррупцияға қарсы гүресиў – дәўир талабы | | Karakalpak state university

Коррупцияға қарсы гүресиў – дәўир талабы

Коррупция машқаласы бүгинги күнде пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына тосқынлық ететуғын тийкарғы факторлардың бири. Себеби, коррупция машқаласының турмысымызда ушырасыўы — нызам үстемлигин тәмийинлеў, демократиялық реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўына ҳәм инсан ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеўге қәўип туўдырады.

Усы жылдың 15-октябрь күни  университет мәденият сарайында 2019-жылдың 27-май күни Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының мазмунын кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде илаж шөлкемлестирилди.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов басқарып барды.

Оған республикамыздағы өзин-өзи басқарыў уйымларынан, жоқары оқыў орынларынан, университет профессор-оқытыўшылар, студет-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Сенатының суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаманти Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығының орынбасары А.Ибрагимов ҳәм басқаар шығып сөйлеп, бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүрес ҳәм оның алдын алыўға дүнья жүзинде, соның ишинде Өзбекстан Республикасында да айрықша дыққат қаратылғанлығын, БМШ тәрепинен қабыл етилген «Коррупцияға қарсы Конвенцияға» мәмлекетимиз қосылғанлығын, коррупцияға қарсы гүрес алып барыў мақсетинде Өзбекстан Республикасында «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгенлигин, коррупция пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм еркинликлерине зыян келтиретуғынлығын, мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына кери тәсир ететуғынлығын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, илаж қатнасыўшыларына коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслы видеофильм қойып берилди.

Илаж өз-ара пикир алмасыўлар ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер