https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Түркияның Өзбекстандағы елшиси ҚМУда | | Karakalpak state university

Түркияның Өзбекстандағы елшиси ҚМУда

Усы жылдың 21-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Туркия Республикасының Өзбекстандағы Елшиси Мехмет Сурайё Эр басшылығындағы Туркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў Агентлигиниң  (TIKA)  Өзбекстандағы координаторы Али Ихсан Чаглар ҳәм елшихана ўәкиллери менен ушырасыў кешеси болып өтти.

Дәслеп, мийманлар ҚМУ басшылығы тәрепинен университет бас бинасы алдында нан-дуз бенен күтип алынды.

Ушырасыўда ҚМУ ректоры А.Реймов кирис сөз сөйлеп, әзиз мийманларды Қарақалпақстан Республикасы, соның ишинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетине сапары менен қутлықлады ҳәм олар менен ушырасып турғанынан қуўанышлы екенлигин билдирди. Бул сапар Өзбекстан ҳәм Туркия Республикалары ортасындағы дослық карым-қатнасықларды және де беккемлейтуғынын атап өтти.

Елши Мехмет Сурайё Эр де өз гезегинде бул ушырасыў еки мәмлекет ортасында, әсиресе, жоқары билимлендириў тараўында өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўда жаңа қәдем болатуғынлығын келтирип өтти.

Ҳәзирги ўақытта ҚМУ тәрепинен Түркия Республикасы жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўге үлкен итибар қаратылып, соның ишинде, Ататүрк университети менен бирге ислесиў Меморандумы имзаланған. Сондай-ақ, Ататүрк университети менен Түркияның МЕВЛАНА бағдарламасы бойынша келисим орнатылып, оның тийкарында 2019/2020-оқыў жылынан баслап еки университет арасында өз-ара студентлер алмасыўын жолға қойыўды режелестирген.

Ушырасыў даўамында тәреплер алдағы бирге ислесиў жумыслары бойынша сөйлесип алынды ҳәм ҚМУ басшылығы тәрепинен ТИКА шөлкеми менен биргеликте ислесиў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер