ПРОФЕССОР ХВАН ЛЮДМИЛА БОРИСОВНА | | Karakalpak state university

ПРОФЕССОР ХВАН ЛЮДМИЛА БОРИСОВНА

Қарақалпақстанда рус филологиясы ҳәм педагогикасы аўыр жоғалтыўға дуўшар келди. Усы жылдың 1-декабрь күни узақ даўам еткен наўқасланыўдан кейин Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, педагогика илимлериниң кандидаты, профессор Хван Людмила Борисовна 76 жасында дүньядан өтти.

Хван Людмила Пян-Ноковна 1945-жылы Қоңырат районында туўылды. Орта мектепти питкерген ол 1962-1967-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтында оқыған ҳәм 1968-жылы мийнет жолын «Рус ҳәм сырт ел әдебияты» кафедрасы оқытыўшысы лаўазымынан баслаған Л.Б.Хван  жоқары оқыў орнында 40 жылдан аслам илимий-педагогикалық хызмет етти. Соның 25 жылын «Рус филологиясы» кафедрасының баслығы лаўазымында жуўапкершилик пенен инабатлы түрде атқарды.

Людмила Борисовна Қарақалпақстанда жоқары мағлыўматлы маман қәнигелерди таярлаў, билимлендириўди раўажландырыў, жасларды патриотлық руўхта тәрбиялаў ҳәм илимий-изертлеў жумысларының салмағын асырыўға, солай етип, университет, республика көлеминде сапалы кадрлар жеткерип бериўге өзиниң салмақлы үлесин қосты.

Оның 9-класс ушын «Рус әдебияты» сабақлығы, «Өзбекстан ҳәм Корея мәмлекетлериниң мәдений бирге ислесиўи» (Ташкент, 2008), «Қарақалпақстан корейслери: кеше ҳәм бүгин» (Нөкис, 2004) атамадағы монографиялары, «Ҳақыйқый өмир нуры: Өзбекстан поэзиясы» (Нөкис, 2010), «Әйемги Корея әдебияты» (Ташкент, 2014), «Ҳәзирги заман Корея әдебияты» (Ташкент, 2015) атамасындағы антология китаплары, «Корея әдебияты» оқыў қолланбалары, 100 ден аслам билимлендириў, тәрбия, оқытыў методикаларына бағышланған илимий мақалалары тийкарынан рус тилинде баспадан шықты.

Талапшаң устаз басшылығында, университет студентлери халықаралық ҳәм республикалық дәрежедеги билимлендириў бағдарламалары, Президент стипендиясы, А.Наўайы ҳәм Бердақ атындағы стипендиялар жеңипазлары болды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Өзбекстандағы, сондай-ақ, сырт ел жоқары оқыў орынлары қатарынан орын алыўына профессор Людмила Борисовна Хван шөлкемлестириўшилик басламалары менен белгили дәрежеде үлес қосты.

Өз кәсибине шексиз садықлықтың, туўылып-өскен елге терең сүйиспеншиликтиң, адам баласына мийрим-шәпәәттиң үлгиси сыпатында танылған белгили устаз, шебер педагог, профессор Людмила Борисовна Хванның жарқын естелиги жүрегимизде мәңги сақланады.

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты

ҳәм жәмийетлик шөлкемлери,

Шет тиллери факультети,

«Рус тили ҳәм әдебияты» кафедрасы

 

Пайдалы дереклер